Өзбекстан ҳәм Россия СИМ орынбасарлары Самарқандта ушырасыў өткерди

119

Ушырасыўда Баҳромжон Аълоев ҳәм Александр Панкин еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў мәселелерин додалады.

ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде Өзбекстан сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Баҳромжон Аълоев Россия сыртқы ислер министриниң орынбасары Александр Панкин менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында Өзбекстан Сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Тәреплер Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын додалады.

Россия дипломати ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы Самарқанд қаласында өткерилетуғынын жоқары баҳалап, Өзбекстанда бундай абырайлы халықаралық форумның өткерилиўи мәмлекеттиң жәҳән майданындағы артып баратырған абырайының айқын көриниси болғанын атап өтти.

Ушырасыўда халықаралық ҳәм регионаллық структуралар шеңбериндеги бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги