Социаллық шерикликлер даўам етпекте

63

Социаллық қорғаў миллий агентлиги директорының орынбасары Усмон Шарифхўжаев Қатар Социаллық раўажланыў ҳәм шаңарақ министри Бусайна бинт Али ан-Нуайми менен ушырасыў өткерди.

Онда Қатар ҳәм Өзбекстан арасында социаллық қорғаў тараўындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективалары додаланды. Тәреплер зорлыққа қарсы гүресиў, инклюзив билимлендириўди раўажландырыў ҳәм социаллық қәнигелердиң маманлығын арттырыў бойынша тәжирийбе алмасыўға таяр екенин атап өтти.

– Бизиң бирге ислесиўимиз мәмлекет басшылары дәрежесинде қәлиплескен өз-ара исенимге тийкарланады. 2023-жыл октябрь айында қол қойылған Түсинисиў меморандумы социаллық қорғаў ҳәм қорғаўға мүтәж топарлардың мәпинде системалы ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди жолға қойыў ушын әҳмийетли тийкар болды, – дейди Усмон Шарифхўжаев.

Сондай-ақ, Қатар Социаллық раўажланыў ҳәм шаңарақ министри Бусайна бинт Али ан-Нуайми еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди жоқары баҳалады.

– Өзбекстан Республикасы менен қатнасықларымызды және де раўажландырыў ушын үлкен имканиятларды көрип атырмыз. Сизиң социаллық тараўдағы реформаларыңыз итибарға ылайық ҳәм биз қорғаўға мүтәж халыққа жәрдем бериў және социаллық қорғаў бағдарларында тәжирийбе алмасыў бағдарында биргеликте басламалар ислеп шығыўға таярмыз, – деп атап өтти.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында 2026-2028-жыллар ушын Биргеликтеги ҳәрекетлер режесин ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди. Реже зорлыққа қарсы гүресиўде уйымлараралық бирге ислесиў, майыплығы болған шахслардың билимлендириўинде инклюзияны раўажландырыў ҳәм социаллық хызметкерлер және психологлардың маманлығын арттырыўды өз ишине алады.

Бул ҳүжжет 2023-жыл октябрь айында қол қойылған Түсинисиў меморандумының әмелий даўамы болады.

Сондай-ақ, ханым Бусайна бинт Али ан-Нуайми Өзбекстанның саммит шеңберинде шөлкемлестирилген көргизбе стенди менен жақыннан танысып шығып, алып барылып атырған реформаларға жоқары баҳа берди.

Шербек Исламов,

ӨзА