Өзбекстан Президенти АҚШқа келди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптың мирәт етиўине бола 4-ноябрь күни әмелий сапар менен Вашингтон қаласына келди.
“Эндрюс” авиабазасында мәмлекетимиз басшысын АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң орынбасары Кристофер Ландау, АҚШ – Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.



Сапардың тийкарғы илажлары 5-6-ноябрь күнлери болып өтеди. Өзбекстан Президенти Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамп пенен ушырасады және Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ жетекшилериниң “С5+1” форматындағы саммитинде қатнасады.



Илажлар бағдарламасынан АҚШ Конгресси ҳәм ҳүкимети ўәкиллери менен сөйлесиўлер, усы мәмлекеттиң жетекши компанияларының басшылары менен өз алдына ушырасыўлар және исбилермен топарлардың қатнасыўындағы дөгерек сәўбети де орын алған.
ӨзА