Халықты дизимге алыў келешектеги ўазыйпаларды белгилеп алыўға тийкар болады

113

Дүньяның көплеген раўажланған мәмлекетлеринде халық орташа ҳәр он жылда кеминде бир мәрте дизимнен өткериледи.

Бул илаж мәмлекеттиң демографиялық, экономикалық ҳәм социаллық мағлыўматларын жыйнаў, улыўмаластырыў, баҳалаў, таллаў ҳәм жәриялаўдың бирден-бир процеси болып есапланады. Дизим халық ҳаққындағы мағлыўматлардың тийкарғы дереги болып, келеси 10-20 жыллық раўажланыўдың прогноз көрсеткишлерин есаплаў имканиятын береди.

– Өзбекстанда соңғы улыўма миллий халықты дизимге алыў 1989-жылы өткерилген, – дейди Самарқанд ўәлаяты статистика басқармасының баслығы Шароф Абдиев. – Соннан берли халықтың саны әдеўир артты, социаллық-экономикалық шараятлар да сезилерли дәрежеде өзгерди. Бирақ усы ўақытқа шекем бундай кең көлемли дизимге алыў әмелге асырылмаған. 2021-жылы халықты, 2022-жылы болса аўыл хожалығын сынақ түринде партиялық дизимге алыў илажлары өткерилди. Бирақ толық дизимге алыўды өткериў ушын зәрүр факторлар ҳәм халықаралық тәжирийбелерди үйрениў және тийисли илажларды ислеп шығыў белгили бир ўақытты талап ететуғыны себепли бул илаж кейинге қалдырылған еди. “Халықты дизимге алыў ҳаққында”ғы нызамда да халықты ҳәр 10 жылда, аўыл хожалығын болса ҳәр 5 жылда кеминде бир мәрте дизимге алыў белгиленген.

Халықаралық тәжирийбеден келип шығып және Жәҳән банки ҳәм халықаралық шөлкемлердиң қатнасыўында ислеп шығылған халықты ҳәм аўыл хожалығын бир ўақытта дизимге алыў бойынша усыныслар есапқа алынған ҳалда усы жылдың 19-сентябрь күни мәмлекетимиз басшысы “Өзбекстан Республикасында халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажын өткериў ҳаққында” пәрман қабыл етти. Бул ҳүжжет пенен халықтың демографиялық ҳәм социаллық-экономикалық өзгешеликлери, жасаў дәрежеси ҳәм абаданлығы, аўыл хожалығының жағдайы, қурамы ҳәм халықты социаллық әҳмийетке ийе тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеў перспективаларын баҳалаў системасын жаратыў ушын зәрүр мағлыўматлар базаларын қәлиплестириў мақсетинде халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажы өткерилетуғыны белгиленди. Бул илаж 2026-жыл 15-январьдан 28-февральға шекем әмелге асырылады.

Дизимге алыў процесслери әпиўайы ҳәм ашық-айдын тәризде шөлкемлестириледи. Сораўлардың саны алдын режелестирилген 328 ден 71 ге қысқартылды. Дизимге алыў арқалы 38 миллион халықтың жасы, шаңарақлық жағдайы, билимлендириў дәрежеси, миграция процесслери, бәнтлиги ҳәм дәрамат дереклери ҳаққында бирден-бир мағлыўматлар базасы қәлиплестириледи. Соның менен бирге, аўыл хожалығында жерден пайдаланыў, шарўашылық ҳәм қусшылық көрсеткишлери анықланады.

Илаж еки басқышта әмелге асырылады. Алдынғы 17 күн даўамында пуқаралар “census.stat.uz” порталы арқалы OneID системасы ямаса физикалық шахстың жеке идентификация номери (ЖШШИР) жәрдеминде онлайн дизимнен өтиўи мүмкин. Кейинги басқышта болса “мәҳәлле жетилиги” ҳәм басқа да белсендилер үйме-үй жүрип мағлыўмат топлайды. Ҳәзир орынларда таярлық жумыслары, мәҳәлле жетилиги ағзаларын оқытыў жумыслары алып барылмақта.

Аўыл хожалығын дизимге алыў процесинде аўыл хожалығының ҳәзирги жағдайы, шарўа маллары ҳәм қуслардың саны да анықланады. Бул аўыл хожалығына ҳәр жылы қаратылып атырған 25,6 триллион сум, соның ишинде, 2,2 триллион сум бюджет қаржыларының нәтийжелилиги, тараўдағы хызметлердиң көлеми ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын зәрүр мағлыўматлар топламы жаратылыўына хызмет етеди.

Дизимге алыў процесинде ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар арқалы кеңнен үгит-нәсиятлаў жумыслары жолға қойылады. Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар басланған.

Арнаўлы көрсетиў ҳәм видеороликлер көрсетилиўи, пуқаралардың хабардарлығы арттырылыўы мақсет етилди.

– Халықты дизимге алыў тек ғана халықтың санын анықлаўдан ибарат емес, – дейди Ш.Абдиев. – Бул процессте мәмлекеттиң экономикалық структурасының барлық тәреплери, социаллық тараўдағы машқалаларға байланыслы мағлыўматлар топланады ҳәм бул келешекте мәмлекетлик бағдарламаны ислеп шығыўда инабатқа алынады. Екиншиден, шахслардың экономикалық өзгешеликлерине байланыслы мағлыўматлар топланып, мийнет базарын үйрениў ҳәм нәтийжели мийнет системасын жаратыўға имканият жаратылады. Улыўма, дизимге алыў процесинде топланған ҳәр бир мағлыўмат халықтың экономикалық жағдайын үйрениў, баҳалаў ҳәм келешектеги ўазыйпаларды белгилеп алыўға хызмет етеди.

ӨзА