Ысырапгершилик ҳәм дәбдебе артындағы ҳақыйқат: неге әпиўайылықтан уяламыз?

122

Мүнәсибет

Өзбек халқы әзелден той ҳәм байрамларды үлкен жәмәәт болып белгилеўди жақсы көреди. “Той” сөзиниң өзи әййемнен кең жыйын, зыяпат ҳәм салтанат мәнилерин аңлатқан. Бирақ жәмийеттиң раўажланыўы менен бирге үрп-әдетлеримиз де өзгерип, айырым мәресимлердеги артықша дәбдебе ҳәм ысырапгершилик бәрқулла наразылықларға себеп болып келмекте.

Соңғы жыллары халық арасында айырым әдетлер дәстүр сыпатында кеңейип, миллий қәдириятларымызға жат жағдайлар қәлиплеспекте. Бул болса тек ғана экономикалық емес, ал руўхый жақтан да унамсыз тәсир көрсетпекте. Артықша қәрежет, менменлик, ысырапгершилик ҳәм көзбояўшылық бүгин той ҳәм мәресимлерде ушырасып атырған иллетлерден.

Мәселен, келин түсириў ҳәм сүннет тойларына тийисли диний дереклерде кишипейиллик ҳәм ийбелилик айрықша атап өтилген болса да, бүгин көп жағдайларда бул норма умытылып кетпекте. Тойларда азық-аўқатты ысырап етиў, “саўға, алыс-берис” дәстүрин аяқ ойын ҳәм бәсекиге айландырыў жағдайлары көбеймекте.

Әсиресе, “күйеў сарпайы”, мебель, қымбат баҳалы тағыншақлар, саўғалар, салтанатлы дастурханлар ҳәм көп санлы мийманлар – көп ғана шаңарақлар ушын аўыр материаллық жүкке айланған. Айырымлары ҳәттеки усындай тойлар ушын қарыз ямаса кредит алыўға мәжбүр болмақта. Бул болса жас шаңарақлардың жаңа турмысын қарыз ҳәм руўхый басым менен баслаўға алып келмекте.

Изертлеўлерге қарағанда, ҳәр бир тойда орташа 300-500 адам қатнасады. Қәрежетлер болса 50-100 миллион сумға жетеди. Ақыбетинде көпшилик шаңарақлар финанслық қыйыншылыққа дус келмекте.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы кеңеси ҳәм Сенатының 2019-жыл 14-сентябрьдеги қоспа қарары менен “Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерди өткериўди тәртипке салыў ҳаққында”ғы реже тастыйықланған. Бул реже 2020-жыл 1-январьдан күшке кирген ҳәм ҳәзир де нызамлы күшке ийе. Биргеликтеги қарар ҳәм режелерге муўапық, орынларда той-мерекелерди 200-250 адамнан көп болмаған, көркем өнер шеберлериниң қатнасыўы еки топардан аспаған, салтанатлы, дәбдебели, ақша шашыў, даңқпаразлық сыяқлы иллетлерге жол қойылмаған ҳалда өткериў белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен усы жыл 21-апрельде “Коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы илажлар ҳаққында”ғы пәрманына қол қойылды. Оның шеңберинде ислеп шығылатуғын жигирмадан аслам әҳмийетли ҳүжжетлер арасында мине, усы тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерди өткериўди тәртипке салыў бойынша қарар жойбарының бар екенлиги де бийкарға емес.

Бул арқалы халық арасында руўхый тәрбия ҳәм мәдениятты беккемлеў, ысырапгершиликти шеклеў нәзерде тутылған.

Усы мақсетте Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы және бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен “Әҳмийетли 90 күн” мәўсими шеңберинде “Раўажланыў” бағдарламасы әмелге асырылмақта. Бағдарламаның тийкарғы идеясы – “Үнемлилик бул – мәденият” сүрени астында той ҳәм мәресимлерде әпиўайылық, кишипейиллик ҳәм миллий қәдириятларға сәйкесликти кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады.

Ең әҳмийетлиси, нызам үстинлиги ҳәм әдиллик принциплерин тәмийинлеў тек ғана мәмлекетлик уйымлардың емес, ал ҳәр бир пуқараның да миннети болып есапланады.

ӨзА