Санлы орталықта ҳаял-қызлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша ҳуқықый илажлар көриледи

Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң ағзалары БМШ Халықтаныў қорының (ЮНФПА) Ташкенттеги ўәкилханасы делегациясы менен ушырасты.
Илажда ЮНФПА тәрепинен таярланған “Технологиялардан пайдаланыўға байланыслы гендер зорлық тараўындағы нызамшылықтың шолыўы” атамасындағы аналитикалық ҳүжжет додаланды.
Бул ҳүжжет санлы орталықта ҳаял-қызлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, онлайн зорлық жағдайларына қарсы нәтийжели ҳуқықый илажлар көриў ҳәм миллий нызамшылықты жетилистириў мәселелерине бағышланған.
Ушырасыўда мәмлекетимизде гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызларды ҳәр қандай зорлық, соның ишинде, санлы күш көрсетиў ҳәм қәўип-қәтерлерден қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған нызамшылық реформалары, жаңалықлар ҳәм әмелий басламалар ҳәр тәреплеме додаланды.
Бул ҳүжжетти таярлаўда технологиялар арқалы әмелге асырылатуғын гендер тийкарындағы зорлық жағдайларына қарсы гүресиў бойынша халықаралық әмелият ҳәм сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси үйренилген болып, ол келешекте миллий нызамшылықты жетилистириўде әҳмийетли тийкар болып хызмет ететуғыны қатнасыўшылар тәрепинен атап өтилди.
Сенаторлар, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың қәнигелери қатнасқан илаж жуўмағында биргеликтеги усынысларды ислеп шығыўда бирге ислесиўди күшейтиўге келисип алынды.
Н.Абдураимова, ӨзА