ЮНЕСКОның жақсы нийет елшиси Регистанда өз көркем өнерин көрсетти

88

Дүньяға белгили француз композитори ҳәм ЮНЕСКОның жақсы нийет елшиси Жан-Мишел Жар Регистан майданында өз өнерин көрсетти.

ЮНЕСКО ҳәм Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры (ACDF) жәрдеминде шөлкемлестирилген мәдений бағдарлама ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде өткерилип, 190 нан аслам мәмлекеттен келген 3500 қатнасыўшыны саўлатлы Регистан майданында бирлестирди.

Қала халқы, мийманлар ҳәм конференция қатнасыўшылары қатнасқан Жан-Мишел Жардың Пекиндеги Тиананмен майданы ҳәм Париждеги Конкорд майданы сыяқлы белгили орынларды өз ишине алған кең көлемли шығыўлары дизимине енди Регистан майданы да қосылды.

Ең әҳмийетлиси, концерт ЮНЕСКОның мәдениятлараралық қарым-қатнасты раўажландырыў, мәдений ҳәр түрлиликти белгилеў ҳәм көркем өнер арқалы тынышлықты беккемлеў миссиясының руўхын өзинде жәмлегени менен айрықша итибарға ылайық.

Илажға ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азуле, Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының баслығы Гаяне Умерова қатнасты.

Ғолиб Ҳасанов, Алишер Исроилов (фото), ӨзАның хабаршылары