Атыз шетлерине қолайлы егин егилмеген жағдайда, жер участкасына үш есе муғдарда салық есапланады

Сенат жалпы мәжилисинде “Атыз шетлеринде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.
Бул мәселе бойынша баянат жасап атырған Сенат комитетиниң баслығы Анвар Тўйчиев аўыл хожалығын раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, тараўдың экспорт потенциалын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылып атырғанын атап өтти.

Бирақ, атыз шетлерине егин екпеў ҳәм жыл даўамында өним жетистирмеў жағдайлары ушырасады. Бул халықты тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен кепилликли тәмийинлеўге ҳәм базарларда өнимлердиң өзине түсер баҳасына сезилерли тәсир етпекте.
Бул болса, өз гезегинде, тараўда басқарыў системасын жетилистириў, жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылар тәрепинен жерлерден ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыўды жолға қойыў зәрүрлигин жүзеге келтирмекте.

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерислер киргизилмекте. Атап айтқанда, екилемши ижараға алған ижарашыларға аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларының атыз шетлериндеги каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапында нызамшылыққа муўапық аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў белгиленген майданларда ҳәм мүддетлерде қолайлы егин егилмегенлиги ушын ҳәкимшилик жәрийма қолланыў нәзерде тутылмақта.
Салық кодексинде атыз шетлериндеги бундай майданларда қолайлы егин егилмеген жағдайда, бул жер участкасының егин егилмеген бөлеги ушын жер салығы ставкасын үш есе муғдарда есаплаў белгиленбекте.

Сенаторлар мақулланған нызам аўыл хожалығына мөлшерленген суўғарылатуғын жер участкаларының атыз шетлери және каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларда өним жетистириўди нәтийжели шөлкемлестириўге, суўғарылатуғын жерлерден өнимли ҳәм толық пайдаланыўға тийкар жаратады.
Н.Абдураимова,
А.Мамадаминов (сүўрет), ӨзА