Садир Жапаров: “ЮНЕСКО сессиясының Самарқандта өткерилиўи – Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайының және бир жоқары тән алыныўы болып есапланады”

102

Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясының басланыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм пүткил өзбек халқын қутлықлады.

Жапаров өзиниң социаллық тармақлардағы бетинде жазған қутлықлаўында бул тарийхый ўақыя Орайлық Азия ушын үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Оның атап өтиўинше, ЮНЕСКО сессиясының Парижден тысқарыда биринши мәрте 40 жылдан соң өткерилиўи Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайы артып атырғанынан, сондай-ақ, пүткил Орайлық Азия регионы мәдений, руўхый ҳәм гуманитарлық бирге ислесиў орайы сыпатында барған сайын үлкен итибарға ийе болып атырғанынан дерек береди.

– Самарқанд қаласы илим, ағартыўшылық ҳәм руўхыйлық бесиги сыпатында конференцияға айрықша рәмзий әҳмийет бағышлайды. Бул Өзбекстанның цивилизациялар арасындағы көпир, тынышлық ҳәм аўызбиршилик идеяларының орайы сыпатындағы ролин және бир мәрте көрсетеди, – делинеди қутлықлаўда.

Сондай-ақ, Садир Жапаров конференция шеңберинде алға қойылатуғын қарар ҳәм басламалар билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларындағы бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар жаратыўына, халықлар арасындағы дослықты беккемлеўге ҳәм пүткил регионның раўажланыўына хызмет ететуғынын атап өтти.

Қырғызстан басшысы өзбек халқына форумның табыслы өтиўи, нәтийжели додалаўлар, алдынғы қарарлар ҳәм илҳамландырыўшы нәтийжелер тиледи.

ӨзА