Өзбекстан Президенти ЮНЕСКО Бас конференциясы гезектеги сессиясының ашылыў мәресиминде қатнасады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-октябрь күни Самарқанд қаласында болып өтетуғын Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (ЮНЕСКО) Бас конференциясы 43-сессиясының ашылыў мәресиминде қатнасады.
Бас конференцияның тарийхый сессиясы қырқ жыл ишинде биринши мәрте ЮНЕСКОның Париждеги резиденциясынан тысқарыда өткерилмекте. Бундай кең көлемли халықаралық форумның Самарқандта өткерилиўи Өзбекстанның шөлкем идеялары ҳәм қәдириятларына садықлығы, сондай-ақ, тынышлық, өз-ара келисим ҳәм турақлы раўажланыў жолындағы глобал сөйлесиўди раўажландырыўға белсене үлес қосыўға исенимли умтылысының айқын тастыйығы болады.
Бул әҳмийетли сессия шеңберинде билимлендириў, илим, мәденият, экология, технология ҳәм коммуникация тараўларындағы тийкарғы мәселелерди додалаўға бағышланған 150 ден аслам түрдеги илажлардың өткерилиўи режелестирилген.
Бундай абырайлы халықаралық илаж дүньяның ең әййемги ҳәм саўлатлы қалаларынан биринде шөлкемлестирилгени өзине тән рәмзий мәниге ийе. Бул дүнья жәмийетшилигиниң Өзбекстанға болған жоқары исеними, оның мәдениятлараралық қарым-қатнас идеяларын алға қойыў, тарийхый-мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарындағы абырайы ҳәм белсендилиги барған сайын артып атырғанынан дерек береди.
Илажға 200 ден аслам мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемлерден жоқары дәрежедеги делегациялар, соның ишинде, Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич, Словакия Республикасы Президенти Петер Пеллегрини, ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азуле ҳәм басқа да ҳүрметли мийманлар қатнасады.
ЮНЕСКО Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қәнигелестирилген мәкемеси болып, 1945-жылы билимлендириў, илим, мәденият ҳәм коммуникациялар тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў арқалы тынышлық ҳәм қәўипсизликти беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилген.
Өзбекстан Республикасы 1993-жылы ЮНЕСКОның толық ҳуқықлы ағзасы болды. 1996-жылы Ташкентте шөлкемниң ўәкилханасының ашылғаны елимиздиң усы абырайлы халықаралық структура менен бирге ислесиўин ҳәм көп тәреплемели шериклигин беккемлеўде әҳмийетли басқыш болды.
ӨзА