Пост хызметкерлери менен профилактикалық сәўбет

Алдын хабар берилгениндей, шегара бажыхана постларында турақлы түрде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша профилактикалық илажлар өткерилип, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының жеке қәўипсизлик хызметкерлери тәрепинен профилактикалық илажлар, ушырасыўлар турақлы түрде шөлкемлестирилмекте.
Гезектеги илаж “Қарақалпақстан” темир жол ҳәм “Даўыт-ата” авто шегара бажыхана постында инспектор хызметкерлер ҳәм шегара бажыхана посты арқалы ҳәрекетленип атырған жолаўшы пуқаралар арасында өткерилди.
Бул илаж бажыхана хызметкерлери арасында саламат орталықты жаратыў, дәмегөйлик ҳәм коррупциялық жағдайлардың алдын алыў мақсетинде әмелге асырылды.
Ушырасыў даўамында ҳәр бир хызметкердиң жумыс нәтийжелилиги оның шаңарақларының тынышлығы ҳәм кәсиплеслер арасындағы орталыққа байланыслылығы, шаңарақлық түсинбеўшилик, жетиспеўшиликлер хызметкердиң коррупция иллетине бейимлигин қәлиплестириўши фактор болыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.

Бажыхана хызметкерлери ушын жаратылып атырған шараятлар, пост инфраструктуралары түп-тийкарынан жаңаланғанлығы ҳәм хызметкерлер тек ғана қалыс хызметти өтеўи ҳәм системада жумыс нәтийжелилиги өсиўи, коррупция жолына кирип қалмаўда хызметкерлер бир-бирине сергек болыўы ҳәм биргеликте гүресиў зәрүрлиги ҳаққында түсиниклер берилди. Ҳадал, пәк хызмет есабынан келип атырған ырысқыдан жақсысы болмайтуғыны ҳақыйқат екени еслетип өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги