Финляндия Президенти Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында болды (+видео)

60

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Финляндия Республикасы Президенти Александр Стубб мәмлекетимизде болып тур.

Жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиздиң бийбаҳа дүрданасы, өтмиш ҳәм келешекти бир ноқатта бирлестире алған комплекс – Ташкенттеги Ислам цивилизациясы орайына барды.

Президент Александр Стуббқа орайдың басшылары ҳәм илимпазлар басшылық етип, дүнья илиминде ҳәм ислам дүньясында айрықша орны бар бул комплекстиң әҳмийети ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Ҳақыйқатында да, орайдың экспозицияларында көрсетилип атырған 1000 ға шамалас жойбарлардың 400 ден асламы сырт елли бирге ислесиўшилер менен биргеликте әмелге асырылып атырғаны, бул болса дүнья илимпазларын илимий изертлеўлерге шақырып атырғаны ҳәм бирлестирип атырғаны Ислам цивилизациясы орайының әҳмийетин бүгин және де арттырды.

Финляндия Президенти бул дәргайдағы музей, көргизбе заллары менен айрықша қызығып, Өзбекстанның мәдений мийрасы дүньяда қаншелли бийбаҳа екенин тән алды.

Сапар етиў даўамында Президент Александр Стубб Өзбекстанда қәдириятларды қәстерлеў ҳәм ата-бабаларға ҳүрмет көрсетиў жолында қурылған бул илим орайы – Ислам цивилизациясы орайы келешек әўладлардың камалға келиўине шын мәнисинде хызмет ететуғыны ҳаққында түсиниклерге ийе болды.

Александр Стубб, Финляндия Республикасы Президенти:

– Расын айтсам, бул жерде мен шексиз тәсирлер ийримине түсип қалдым. Ҳәр бир экспозиция, ҳәр бир зал, ҳәр бир деталь терең ойланған. Үш мың жыллық тарийхты бүгинги әўладқа усындай дәрежеде заманагөй түрде жеткериў – бул жоқары көркем өнер ҳәм үлкен шеберликти талап етеди.

Бул Орай тек ғана өткен әсирлердиң мийрасын қайта тиклеп қоймастан, ал келешек әўлад ушын да илҳам дерегине айланған. Әсиресе, интерактив көргизбелер ҳәм инновациялық технологиялар жасларды өзине тартады. Олар бул жерде тарийхты оқымайды – оны сезеди.

Орайда жаратылған орталықта зеригиўдиң өзи мүмкин емес. Ҳәр бир сахна, ҳәр бир жарытылған деталь өзине тән. Мен бул жерден үлкен миннетдаршылық ҳәм таңланыўшылық пенен шығып атырман.

Миллий дәстүрлерди көрсететуғын нағыслар, саўлатлы порталлар ҳәм гүмбездиң саўлаты бул жерге келетуғын ҳәр қандай сырт еллилердиң Туран жери ҳәм оның үш мың жыллық тарийхынан хабардар етиў менен бирге, Өзбекстанның келешеги ҳаққында да тәсирлер оятыўы тәбийий.

Абдулазиз РУСТАМОВ, Аслиддин АЛИЖОНОВ (фото), ӨзА