Әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы үйренилди

Бас прокурордың биринши орынбасары Б.Валиев басшылығындағы жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетимиз басшысының 2025-жылы март айында өткерилген Коррупцияға қарсы гүресиў Миллий кеңеси мәжилисинде берилген тапсырмалар, атап айтқанда, тергеўдиң сапасын арттырыў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы үйренилмекте.
Соның ишинде, Шымбай районы прокуратурасы ҳәм районлық ИИБ жанындағы тергеў бөлими тергеўшилери ҳәм сорастырыўшылары ис жүргизиўиндеги тергеўге шекем тексериў материаллары ҳәм жынаят ислери бойынша дәслепки тергеў ҳәрекетлериниң алып барылыўы, аймақта жүз берген кибержынаятларды ашыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы додаланды.
Сондай-ақ, тараўда жол қойылған қәте-кемшиликлер, әмелияттағы бар машқалалы мәселелер де сын көзқарастан көрип шығылды.


Соның менен бирге, тергеўдиң сапасын буннан былай да жақсылаў, дәлиллерди өз ўақтында алыў, рәсмийлестириўде заманагөй мәлимлеме технологияларының имканиятларынан кеңнен пайдаланыў, жынаят процессуал нызамшылық талапларына қатаң әмел етилиўи, жынаят ақыбетинде жеткерилген зыянды дәслепки тергеў дәўиринде өндириўге қаратылған барлық процессуаллық ҳәрекетлерди әмелге асырыў, тергеўшилер, атап айтқанда, жас қәнигелердиң тергеўдиң сапасын ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде олардың билим ҳәм көнликпелерин турақлы түрде арттырып барыў бойынша тапсырмалар берилди.
Үйрениўлер даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги