Аймақларды абаданластырыў жумыслары даўам етпекте

95

Аймақларды абаданластырыў ҳәм халық ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар орынларда избе-из даўам еттирилмекте. Бул процесс шеңберинде мәҳәллелер аралығы,  көше ҳәм жол бойлары тазаланып,  тереклерге күтим исленбекте.

Соның менен бирге, жәмийетлик имаратлардың әтирапын абаданластырыў жумыслары да алып барылмақта.

Тийисли шөлкемлер ҳәм жергиликли ҳәкимлик тәрепинен абаданластырыў жумысларының сапалы ҳәм белгиленген мүддетлерде әмелге асырылыўы қатаң қадағалаўға алынған.

Абаданластырыў илажлары халықтың абаданлығын ҳәм аймақлардың заманагөй келбетин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Бүгин Тақыятас районының Жайхун мәҳәллесинде абаданластырыў жумысларына старт берилди. Усындай ийгиликли жумыслар район ҳәкими Камилжан Айтбаев ҳәм район прокуроры Азат Қыпшақбаев басшылығында райондағы “Орайлық,” “Халықлар дослығы,” “Тақыятас” мәҳәллелеринде әмелге асырылды.

Илаж районның барлық орынларында өткерилиўи режелестирилген.

                                                                            Қарақалпақстан хабар агентлиги