ШБШ әдиллик министрлери қоспа баянатқа қол қойды

99

Шанхай бирге ислесиў шөлкеми (ШБШ)не ағза мәмлекетлер әдиллик министрлериниң гезектеги он екинши (онлайн) мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан, Россия, Беларусь, Ҳиндстан, Иран, Қазақстан, Қытай, Пакистан, Тәжикстан әдиллик министрлери, Қырғызстан әдиллик министриниң орынбасары ҳәм ШБШ бас хаткери қатнасты.

Мәжилисте ағза мәмлекетлер әдиллик министрликлериниӊ жумысындағы реформалар ҳәм өз-ара бирге ислесиў перспективалары додаланды.

Өзбекстан әдиллик министри А.Тошқулов мәмлекетимизде әдиллик ҳәм ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў, “ақыллы тәртипке салыў” системасы, санлы әдиллик, жасалма интеллект тийкарындағы “LexAI” чат-бот, суд-экспертиза тараўындағы жаңалықлар, сондай-ақ, ШБШға ағза мәмлекетлер арасында бирге ислесиў перспективалары ҳаққында шығып сөйледи.

Атап айтқанда, нотариат хызметлериниң санластырылғаны, “Нотариус” мәлимлеме системасы арқалы ҳүжжетлерди электрон түрде жүргизиў ҳәм нотариал процесслерди әпиўайыластырыў механизми, мәмлекет есабынан бийпул қәнигели юридикалық жәрдем тек ғана жынайый ислерде емес, ал ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳәм пуқаралық ислерде де көрсетилип атырғаны айрықша атап өтилди.

Мәжилис даўамында ШБШға ағза мәмлекетлер әдиллик министрлериниң гезектеги мәжилисин шөлкемлестириўши мәмлекет Тәжикстан Республикасы етип белгиленди.

Илаж жуўмағында күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тәреплердиң улыўма келисимлерин сәўлелендириўши биргеликтеги билдириўге қол қойылды.

 

Н.Абдураимова, ӨзА