Коррупция – жәмийеттиң раўажланыўына тосқынлық

105

Коррупция – бүгинги күнде дүнья көлеминдеги ең аўыр машқалалардан бири болып есапланады. Ол тек ғана экономикалық өсимди төменлетип қоймастан, ал инсан ҳуқықларына, жәмийетте әдиллик ҳәм исеним орталығына да айрықша зыян жеткереди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшысы сыпатында жумысының дәслепки күнлеринен-ақ коррупцияға қарсы гүресиўди мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири етип белгиледи. 2016-жылғы сайлаўалды бағдарламасында ол бул иллетке қарсы кескин гүресиў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм мәмлекетлик уйымларда ашық-айдынлықты тәмийинлеўди тийкарғы ўазыйпа сыпатында көрсеткен еди.

Бул бағдардағы дәслепки ҳуқықый қәдемлерден бири – 2016-жыл 24-ноябрьде қабыл етилген ҳәм 2017-жыл 3-январьда Президент тәрепинен қол қойылған “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы нызам болды. Бул нызамда биринши мәрте коррупцияға анық тәрийп берилди:

“Коррупция – шахстың өз лаўазым ямаса хызмет лаўазымынан жеке ямаса басқа шахслар мәпи ушын нызамға қайшы түрде материаллық ямаса материаллық емес пайда алыў ямаса бундай пайданы усыныў.”

Халық тилинде айтқанда, бул – парахорлық, таныс-билислик ҳәм лаўазымнан пайдаланыў арқалы жеке мәп көриў жағдайлары болып есапланады.

Соңғы жылларда мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы системалы гүресиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы жылдың 5-март күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң мәжилиси болып өтти. Онда тараўдағы нәтийжелилик талланып, келешекте әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Сондай-ақ, 2025-жыл 21-апрельде қабыл етилген ПП-71-санлы Пәрман менен коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў, жәмийетшилик ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын жедел тартыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Усы күни қабыл етилген ПҚ-147 санлы қарарда болса мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердеги ишки қадағалаў бөлимлериниң жумысын еркин ҳәм нәтийжели жолға қойыў мәселелерине итибар қаратылды. Онда “ҳадаллық вакцинасы” принципи тийкарында мәмлекетлик хызметкерлерде коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў ўазыйпасы алға қойылды.

Буннан тысқары, 2025-жыл 19-сентябрьдеги ПҚ-288-санлы қарар менен пуқаралық жәмийети институтларының қатнасын кеңейтиў, коррупция жағдайларын илимий жақтан изертлеў ҳәм олардың себеплерин сапластырыўға қаратылған “Жол картасы” тастыйықланды. Бул ҳүжжет коррупцияға қарсы гүресиўде жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге хызмет етеди.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүрес тек ғана ҳуқықый ямаса ҳәкимшилик илажлар менен шекленип қалмай атыр. Ең әҳмийетлиси – жәмийет санасында “ҳадаллық” қәдириятын енгизиў, жас әўладты пәк нийетли, әдалатлылық руўхында тәрбиялаў арқалы бул иллетке қарсы идеологиялық иммунитет жаратыўға итибар күшеймекте.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, коррупцияға қарсы гүресиў тараўында жаратылған ҳуқықый тийкарлар ҳәм әмелге асырылып атырған реформалар мәмлекет ҳәм жәмийеттиң турақлы раўажланыўына хызмет етеди, деп исеним менен айтыў мүмкин.

Жанат Аймаганбетова,

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги