Сырт ел баспасөзи Самарқандта өтетуғын ЮНЕСКО әнжуманы ҳаққында

Уллы Британия Медиа топарына тийисли “Londonpost” басылымы ҳәм Қырғыз Республикасы “Kabar” миллий мәлимлеме агентлиги Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзАның мағлыўматына сүйенип, ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы Самарқанд қаласында өткерилиўине байланыслы мақала жәриялады.
Мақала басында турақлы раўажланыў ҳәм мәдений мийрас қорғаўшысы есапланған структураның дүнья көлеминдеги орны ҳаққында сөз етилип, тийкарғы ўазыйпасы мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў, билимлендириў системасын раўажландырыў және жәмийетте тынышлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў екенин атап өткен.
Сондай-ақ, 2023-жыл ноябрь айында Париж қаласында болып өткен ЮНЕСКО Бас конференциясының 42-сессиясы жуўмағында гезектеги конференцияны Самарқандта өткериў бойынша тарийхый қарар қабыл етилгенине де айрықша итибар қаратылған. Бул қарарды шөлкемге ағза 194 мәмлекеттиң барлығы қоллап-қуўатлаған еди.
М.Пирматова, ЎзА