Өзбекстан – Сербия: дослық, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиў және де беккемленеди

113

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич 29-октябрь күни Олий Мажлис Сенатына барды.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы қатнасықлар, бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, халықаралық көлемде бир-бирин қоллап-қуўатлаў, парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелерине итибар қаратылды.

Александр Вучич мәмлекетимизде Президент Шавкат Мирзиёевтиң ақыллы сиясаты тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады.

Өзбекстанның сыртқы сиясаттағы жедел ҳәм интакерлик позициясы және экономикалық өсиў көрсеткишлериниң турақлы артып атырғаны тарийхый әҳмийетке ийе ўақыя сыпатында тән алынды.

Тәреплер Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы дослық, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиў қатнасықлары избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бул сапар етиў еки мәмлекет қатнасықларында жаңа басқышты баслап бергени атап өтилди.

Сенат Баслығы Өзбекстан Сербияны Қубла-Шығыс Европадағы әҳмийетли шериклерден бири сыпатында көретуғынын атап өтип, сиясий сөйлесиў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Ушырасыўда еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери де додаланды. Атап айтқанда, парламентлераралық қатнасықларды беккемлеў, “дослық топарлары” жумысын күшейтиў, қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң нәтийжели орынланыўын тәмийинлеўде парламентлер қадағалаўының әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер шеңберинде бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, позицияларды өз-ара қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы дослық, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге келисип алды.

Буннан соң Сербия Президенти Александр Вучич өмирлик жолдасы менен Ташкент қаласында қурылған, Ислам архитектурасының ҳақыйқый дүрданалары ҳәм Өзбекстанның Үшинши ояныў дәўири символы саналған Ислам цивилизация орайына  барды.

Жоқары мәртебели мийманға Бас министрдиң орынбасары О.Раматов ҳәм орайдың басшылары, илимпазлар менен биргеликте, дүньяда теңи жоқ бул үлкен архитектуралық комплекс және оның дүнья илиминдеги ҳәм ислам дүньясындағы орны ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Президент Александр Вучич орайдың музейи, көргизбе заллары, архив, мәлимлеме технологиялары орайы, қолжазбалар бөлими, каллиграфия ҳәм ислам мийрасын сақлаўға қаратылған инфраструктуралар менен танысты.

Сондай-ақ, орай аймағында шөлкемлестирилген Ислам академиясы, мәлимлеме-ресурс орайы, конференция залы ҳәм басқа да имаратлар өзине тән архитектуралық усылда қурылғаны менен мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Заманагөй қала қурылысы шараятында бундай архитектуралық естеликлердиң әҳмийети, Орайдың мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында да ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

Әййемги архитектуралық дәстүрлер ҳәм миллий нағыслардың үйлесимлилигинде қурылған, төрт тәрепинде бийиклиги 34 метрли порталлар, орайда болса 65 метрли миллий усылдағы гүмбез қурылған бул имараттың саўлаты мийманларды өзине тартты.

Президент Александр Вучич орайдағы экспозициялар менен танысып, халқымыздың бай тарийхый ҳәм руўхый мийрасын кеңнен көрсетиўге қаратылған бундай жумыслар жоқары нәтийже беретуғынына исеним билдирди.

Сондай-ақ, Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич Өзбекстан Санлы технологиялар министрлигине барды. Жоқары мәртебели мийманды министр Шерзод Шерматов басшылығындағы жуўапкерлер қызғын күтип алды.

Ушырасыў алдынан Санлы технологиялар министрлигиниң жумысы, мәмлекетимизде санластырыў процесиниң барысы ҳәм “Санлы Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққында видеоролик көрсетилди.

Презентацияда электрон ҳүкимет системасын жетилистириў, IT-билимлендириўди раўажландырыў, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм санлы инфраструктураны кеңейтиў бағдарында ерисилген нәтийжелер сәўлеленген.

Президент Александр Вучич елимизде кең көлемли санлы трансформация процеси жедел өтип атырғанына тоқтап, бул бағдардағы мәмлекетлик сиясат ҳәм басламалардың избе-излигин атап өтти. Сондай-ақ, Сербия ҳәм Өзбекстан арасында усы бағдарда тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги технопарклер шөлкемлестириў ҳәм жас қәнигелер алмасыўын жолға қойыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Мийманлар “IТ Парк” жумысы, санлы хызметлер орайлары, электрон ҳүкимет системасының ислеў механизми ҳәм жас программистлер ушын жаратылған шараятлар менен де танысты.

Бул ушырасыў Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўлардағы байланысларды жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди. Санлы технологиялар бағдарындағы өз-ара сөйлесиў болса еки мәмлекет арасында орнатылған заманагөй бирге ислесиў көпирин және де беккемлейтуғыны сөзсиз.

Ташкент қаласындағы “Технопарк” комплексинде Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы бирге ислесиў көлемин буннан былай да кеңейтиўге қаратылған бизнес-форум болып өтти. Әнжуман шеңберинде еки мәмлекеттиң санаат көргизбеси де шөлкемлестирилди.

Сербия Президенти Александр Вучичтың Өзбекстанға рәсмий сапары күн тәртибинен орын алған форумда ҳәр еки мәмлекеттен ҳүкимет ўәкиллери, тийисли уйымлардың жуўапкерлери ҳәм 100 ден аслам исбилермен қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев мәмлекетимизде кейинги жылларда әмелге асырылған экономикалық реформалардың нәтийжеси, ерисилип атырған анық нәтийжелер ҳаққында мағлыўмат берди.

Өз гезегинде жоқары мәртебели мийман еки тәреплеме бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар жаратылып атырғанын атап өтти.

2025-жылдың январь-сентябрь айларында Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы саўда көлеми 2,5 процентке артты. Республикамыз экспортының тийкарғы бағдарлары пахта, тоқымашылық шийки заты, химия өнимлери, дән егинлери ҳәм керамика болып есапланады. Сербиядан тийкарынан санаат үскенелери, техника, косметика өнимлери, қағаз, металл ҳәм мебель импорт етиледи. Елимизде сербиялы инвесторлардың қатнасыўында 9 кәрхана жумыс алып бармақта.

Илаж даўамында бирге ислесиўди халықаралық санаат кооперациясы, фармацевтика, химия, аўыл хожалығы, мәлимлеме технологиялары ҳәм финанслық шериклик тараўларында раўажландырыў бағдарлары белгиленди.

Санаат жетискенликлери көрсетилген көргизбеде Өзбекстанның 50 ден аслам компаниясы фармацевтика, химия, қурылыс материаллары, аўыл хожалығы ҳәм автомобиль қурылысы өнимлери және инновациялық қолланбаларды көрсетти.

Форум майданында G2B ҳәм B2B ушырасыўлары да шөлкемлестирилип, бирге ислесиў жойбарлары бойынша дәслепки келисимлерге ерисилди.

Қатнасыўшылар Өзбекстан ҳәм Сербия бирге ислесиўи жаңа басқышқа көтерилип атырғанын атап өтти.

ӨзА