Бүгин Самарқанд қаласында өз жумысын баслайтуғын ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы алдынан ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг өткердим.

Ең әҳмийетли мағлыўматлар:
– Бул тарийхый ўақыя соңғы 40 жыл ишинде биринши мәрте Париждеги бас резиденциядан тысқарыда ҳәм биринши мәрте Орайлық Азияда өткерилмекте, ЮНЕСКО шөлкемлестирилгениниң 80 жыллығы менен бир ўақытта өтпекте;
– 43-сессия регион тарийхындағы ең ири халықаралық форумлардан бири болады. Онда 190 ағза мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемлерден 2 мың 800 ден аслам ўәкил, соның ишинде, 70 ке шамалас жоқары дәрежели шахслар қатнасады;
– Салтанатлы ашылыў мәресимине ҳүрметли мийманлар сыпатында елимизде сапар менен болып турған Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич ҳәм Словакия Республикасы Президенти Петер Пеллегрини де қатнасады;
– Самарқанд сессиясы шеңберинде 150 ден аслам ҳәр қыйлы илажлар, соның ишинде, Өзбекстан басламасы менен 20 дан аслам қосымша илажлар шөлкемлестириледи;
– салтанатлы ашылыў мәресиминде Президентимиз Шавкат Мирзиёев қатнасып, шығып сөйлейди. Мәмлекетимиз басшысының шығып сөйлеген сөзинде бир қатар әҳмийетли басламалардың алға қойылыўы күтилмекте;
– Илаж шеңберинде Президентимиз Словакия Президенти Петер Пеллегрини ҳәм ЮНЕСКОның Бас директоры Одри Азуле менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди;
– ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы дүнья ҳәм мәмлекетимиздиң жетекши ғалаба хабар қураллары, жәми 500 ден аслам журналист тәрепинен сәўлелендириледи. Самарқандта олардың нәтийжели жумысы ушын барлық шараятлар жаратылған.