Халықаралық олимпиададағы табыс: Қарақалпақстан медицина институты илимий потенциалының айқын көриниси

121

Усы жылдың 16-18-октябрь күнлери Қазақстан медицина академиясында жас илимпазлар ҳәм студентлердиң III Халықаралық форумы болып өтти.

Бул абырайлы илаж шеңберинде өткерилген хирургиялық пәнлер бойынша  III Халықаралық олимпиадада Қарақалпақстан медицина институты студентлери айрықша табысларды қолға киргизди. Атап айтқанда, «Десмургия» бағдарында өткерилген таңлаўда медицина институты студентлеринен Е.Абдимуратов, О.Артиқбаев ҳәм Р.Рзатаевалар өзлериниң терең билимлери ҳәм әмелий көнликпелери менен ажыралып, II  дәрежели дипломлар менен сыйлықланды.

Институт жасларының бундай жоқары табысты қолға киргизиўинде оқыў орнында жаратылған қолайлы шараят пенен бирге, студентлерге илимий бағдарда турақлы басшылық етип киятырған «Балалар хирургиясы, травматология, анестезиология ҳәм реаниматология» кафедрасы профессор-оқытыўшыларының мийнетлери айрықша болды деп айта аламыз. Студентлерди, кафедраның оқытыўшылары Г.Сеидакова ҳәм Д.Тлеуниязовалар илимий ҳәм әмелий басшылық етти.

Илаж соңында, Қазақстан медицина академиясы ректоры Жанна Сейтжанова тәрепинен Қарақалпақстан медицина институты ректоры Олимбай Халимов атына миннетдаршылық хаты тапсырылды. Бул болса еки жоқары билимлендириў оқыў орнының арасындағы илимий бирге ислесиўдиң және де беккемленип атырғанынан дәрек береди.

Әҳмийетли тәрепи сонда, бул нәтийже – Қарақалпақстан медицина институты жасларының илим, инновация ҳәм халықаралық майдандағы абырайын көрсететуғын жоқары көрсеткишлердиң бири есапланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы