Словакия Республикасы Президенти Петер Пеллегрини Өзбекстанға келди

83

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Словакия Республикасы Президенти Петер Пеллегрини 29-октябрь күни әмелий сапар менен Өзбекстанға келди.

Жоқары мәртебели мийманды Самарқанд халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Сапар бағдарламасына муўапық, Самарқанд қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткериледи, еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланады.

Сондай-ақ, Петер Пеллегрини ҳүрметли мийман сыпатында ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясында қатнасады.

ӨзА