«Cobalt»тың жаңа версияларының сатылыўы қашаннан басланатуғыны айтылды

«UzAuto Motors» АЖ «Chevrolet Cobalt» автомобилиниң жаңа версияларының сатылыўы 2025-жыл 3-ноябрьден басланатуғынын жәриялады.
Мәлим етилиўинше, жаңа версиядағы автомобиллердиң көргизбе үлгилери әллеқашан дилерлик орайларына жеткерип берилген, тутыныўшылар олар менен танысып, сатып алыў ҳаққында қарар қабыл етиўи мүмкин.
Компания «Chevrolet Cobalt» автомобиллерине болған жоқары талап ҳәм тутыныўшылардан келип түсип атырған көплеген сораўларды есапқа алған ҳалда, сондай-ақ, артықша тәртипсизликтиң алдын алыў мақсетинде, бул автомобильлерге контрактация процесин онлайн тәризде әмелге асырмақта.
Онлайн шәртнама дүзиў процесинде «Chevrolet Cobalt» автомобильлериниң барлық комплектациялары, соның ишинде еки жаңа комплектация да бар болады.
Атап өтилиўинше, 2025-жыл 3-ноябрь саат 10:00 ден баслап қарыйдарларға «Chevrolet Cobalt» ушын онлайн контрактация ашылады ҳәм компанияның тийисли сайты және «UzAvtoSavdo» қосымшасы (iOS/Android) арқалы әмелге асырылады.
3-ноябрь күни барлық «Chevrolet» дилерлик орайлары жабылады ҳәм «UzAuto Motors» саўда системасынан үзиледи, – деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги