Өзбекстан ҳәм Қытай арасында энергетика тараўындағы стратегиялық шериклик избе-из раўажланып бармақта

108

Әсиресе, бул процессте нефть-газ тармағында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм өндирис қуўатлықларын арттырыў бағдарында тәреплер арасында әмелий қатнасықлар кеңеймекте.

Усы мақсетте “Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийети ҳәм “China National Petroleum Corporation” (CNPC)  басшылары арасында сөйлесиўлер болып өтти.

Сөйлесиў даўамында углеводород ресурсларын излеў, қазып шығарыў ҳәм транспортировкалаў бағдарларында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, нефть-газ тармағына инновациялық шешимлер ҳәм алдынғы технологиялық усылларды тартыў арқалы биргеликтеги жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Ушырасыў шеңберинде биргеликтеги кәрханалардың жумысы талланып, оларды раўажландырыў бойынша перспективалы көзқараслар билдирилди. Атап айтқанда, “New Silk Road Oil and Gas” ҳәм  “Asia Trans Gas” биргеликтеги кәрханаларының ўәкиллери де әмелий нәтийжелер ҳәм жаңа басламалар ҳаққында мағлыўмат берди. Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы еки мәмлекет экономикалық байланысларына қосымша стимул ҳәм жаңа имканиятлар жаратып атырғаны атап өтилди.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў, стратегиялық бағдарларда бирге ислесиў бағдарламасын кеңейтиў ҳәм келешектеги перспективалы жойбарларды биргеликте әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

Жәмийеттиң мәлимлеме хызметине бола, энергетика тараўында турақлы бирге ислесиўди тәмийинлеў еки мәмлекеттиң экономикалық мәплерине хызмет етеди.

ӨзА