“Жасыл энергетика” – Өзбекстанның турақлы келешегине қәдем

107

Бизге белгили, раўажланыў ҳәм экономикалық өсиў энергияға болған талаптың артыўына себеп болады.

Өйткени, бул еки фактор бир-бири менен тығыз байланыслы. Соның ушын энергиядан дурыс, нәтийжели ҳәм режели пайдаланыў, тәбиятты сақлаў ҳәм тәбийғый ресурсларды үнемлеў менен бирге мәмлекеттиң раўажланыўына ҳәм экономикалық өсиўине де хызмет етеди.

Раўажланған мәмлекетлерде қайта тиклениўши энергия дереклерине үлкен итибар қаратылмақта. Бул бағдарда сырт ел инвестициялары тартылып, қуяш ҳәм самал энергиясынан пайдаланыў кеңеймекте. Мәселен, Қытай, Германия, Япония, Бразилия, Италия, Австралия ҳәм Ҳиндстанда қуяш ҳәм самал электр станцияларына үлкен инвестициялар қаратылмақта.

Халықаралық энергетика агентлигиниң атқарыўшы директоры Фатих Бирол атап өткениндей: “Қайта тиклениўши энергия дереклери – дүнья энергетика системасының тийкарғы бөлегине айланды”.

Бүгин дүньяда қуяш энергиясынан пайдаланыўшы жетекши мәмлекетлер қатарында Қытай (340 ГВт), АҚШ (103 ГВт), Япония (79 ГВт), Германия (62 ГВт) ҳәм Ҳиндстан (57 ГВт) бар. Германияда болса 2024-жылы электр энергиясының 46 проценти қайта тикленетуғын дереклердиң үлесине туўра келген болып, 2030-жылға шекем бул көрсеткишти 80 процентке жеткериў режелестирилген.

Бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында Бажыхана комитети, Медициналық-социаллық мәселелер менен ислесиў ҳәм қуяш панеллери орнатылыўын муўапықластырыў бөлими баслығы, полковник Феруз Сафарбоев төмендегилерди айтып берди:

– Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимизде де қайта тиклениўши энергия дереклери бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. 2023-жыл 16-февральдағы тийисли қарарға тийкарланып, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында ири қуяш ҳәм самал электр станцияларының қурылысы басланған. Соның ишинде, БАӘниң “Масдар” компаниясы тәрепинен Самарқанд (220 МВт), Жиззақ (220 МВт), Сурхандәрья (457 МВт), Қашқадәрья (500 МВт), Наўайы (122 МВт) ўәлаятларында жәми 1519 МВт қуўатлылықтағы қуяш ҳәм 500 МВт самал станциялары қурылды.

“ACWA Power” (БАӘ) компаниясы Бухарада 1000 МВт самал станциясын иске қосты. Қытайдың “Gezhouba” компаниясы 500 МВт қуяш станциясын пайдаланыўға тапсырды. Самарқандта “Tepelen Group” компаниясы тәрепинен 2023-жыл октябрьде 20 МВт қуяш станциясы иске қосылды.

Бүгинги күнде Өзбекстанда улыўма қуўатлылығы 4682 МВт болған 12 қуяш фотоэлектр станциясы ҳәм 5 самал станциясы жумыс алып бармақта. Олар жылына 9 миллиард кВт/саат “жасыл энергия” ислеп шығармақта.

Нәтийжеде 2,73 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленди ҳәм атмосфераға шығатуғын зыянлы газлер 4 миллион тоннадан зыятқа азайды.

2023-жылдан берли республика бойынша 138 783 объектке 1 903 МВт қуяш панеллери орнатылды.

Энергия қурылмаларын орнатыў жумыслары орынлардағы жумысшы топарлар ҳәм бажыхана хызметкерлери тәрепинен қадағаланып, системалы мониторинг алып барылмақта. Нәтийжеде 2144 объектте 29 МВт панеллер орнатылмаған жағдайлар сапластырылды, 289 объекттеги 6 МВт панеллер ислемей атырғаны анықланып, системадан шығарылды.

2025-жылдың өткен дәўиринде республика бойынша 40 233 объектке 918 МВт қуяш панельлери орнатылып, жыллық реже 117 процентке орынланды.

Соның ишинде, социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик уйымларда – 5452 объект, 98 МВт, көп қабатлы турақ жайларда – 808 объект, 11,9 МВт, халықтың үйлеринде – 23 737 объект, 238 МВт, исбилерменлик субъектлеринде – 10 236 объект, 570 МВт қуяш панеллери орнатылды.

Сондай-ақ, бажыхана уйымларына тийисли 74 имарат ҳәм объектте орнатылған 4,1 МВт қуяш панеллери арқалы еки ярым жыл ишинде 8 миллиард сум бюджет қаржысы үнемленди.

2030-жылға барып Өзбекстан халқы 41 миллионға, экономиканың көлеми болса еки есеге өсиўи күтилмекте. Бул энергия ресурсларына болған талапты 1,5 есеге арттырады.

Өзбекстан қуяш панеллери ислеп шығарыўда тийкарғы зат болған кремнийге бай мәмлекет болса да, жоқары технологиялар жетиспеўшилиги себепли бул потенциалдан толық пайдаланылмай атыр.

Соның ушын илимий-изертлеў орайлары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде заманагөй лабораториялар шөлкемлестириў, инновациялық қолланбаларды жедел жолға қойыў зәрүр.

Қайта тиклениўши энергияны сақлаў ҳәм узатыўдағы машқалаларды шешиў де бул тараўдағы раўажланыўдың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.

“Жасыл энергетика” тек ғана экологиялық таза энергия ислеп шығарыўды емес, ал мыңлаған жаңа жумыс орынларын жаратыўды, бәсекиге шыдамлы энергетика базарын қәлиплестириўди тәмийинлемекте.

Бул мәмлекеттиң экономикалық турақлылығын беккемлеў, сырт ел инвесторлары менен бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм глобал базар шараятына бейимлесиў имканиятын бермекте.

Шаҳноза Маматуропова, ӨзА