Трамп Путинди урысты тоқтатыўға шақырды (+видео)

Хабарыңыз бар, Россия Президенти Владимир Путин жаңа “Буревестник” ядролық қанатлы ракетасы “Сәтли сынақтан өткени” ҳаққында баянат берди.
АҚШ жетекшиси Дональд Трамп бул әмелиятты “орынсыз қәдем” деп атады ҳәм Путинди ракета сынаўдың орнына урысты тоқтатыўға шақырды.
– Путин әскерий ҳәрекетти тоқтатыўы керек, – деди ол Азия бойлап сапары ўақтында берген интервьюинде. – Бир ҳәпте даўам етиўи гөзленген урыс еле даўам етпекте. Ол ракетаны сынаўға емес, ал урысты тезирек тамамлаўға итибар бериўи керек.
Екшемби күни Путин РФ өзине тән қанатлы ракета сынағын өткергени ҳаққында айтты. Кремль бул ўақыяны “миллий қәўипсизликти тәмийинлеў илажы”ның бир бөлеги сыпатында түсиндирди.
“Буревестник” сынағы ҳәм Россия өткен ҳәптеде өткерген ядролық шынығыў көпшилик тәрепинен Вашингтонға қаратылған гезектеги белги сыпатында баҳаланды. Бул Путинниң АҚШ санкциясы ҳәм басымына бойсынбайтуғынын билдиргенинен кейинги әмелий иси.
Трамп ракета сынағы ҳаққындағы билдириў “орынсыз” екенлигин атап өтип, АҚШ атом суў асты кемеси өз жағасында жүзип жүргенин Москва жақсы биледи, деп қосымша етти.
Кенжа Бекжонов, Анвархўжа Аҳмедов (видео), ӨзА