Орайлық банкте жаңа тайынлаўлар әмелге асырылды

64

Нодирбек Ачилов Орайлық банк баслығының орынбасары етип тайынланды. Н.Ачилов буған шекем Монетар операциялар департаментине басшылық еткен.

Санжар Носиров Орайлық банк баслығының орынбасары етип тайынланды. Буннан алдын С.Носиров Кредит шөлкемлериниң жумысын тәртипке салыў методологиясы департаментиниң баслығы лаўазымында ислеген.

Нусратулла Фазилов Орайлық банк баслығының орынбасары лаўазымына тайынланды. Н.Фазилов бурын Банклерди пруденциал қадағалаў департаментине басшылық еткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги