Өзбекстан-Италия: Мәдений ҳәм дөретиўшилик бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды

Пайтахтымызда Өзбекстан Көркем өнер академиясы ҳәм Италияның “Progetto Angeli” халықаралық мәденият аўқамы ўәкиллери арасында өз-ара келисим меморандумына қол қойыўға бағышланған ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда атап өтилгениндей, бул меморандум Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы мәдений ҳәм дөретиўшилик бирге ислесиўди раўажландырыў, еки мәмлекет художниклери, өнерментлери ҳәм дөретиўшилик шөлкемлери арасындағы профессионал байланысларды беккемлеўге қаратылған.

Ҳүжжетке Өзбекстан Көркем өнер академиясының баслығы Акмал Нуриддинов ҳәм “Progetto Angeli”халықаралық мәденият аўқамының басшысы Аида Абдуллаева қол қойды.
Енди меморандумға муўапық тәреплер мәдений ҳәм дөретиўшилик байланысларды раўажландырыў ҳәм беккемлеў, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер тараўында тәжирийбе ҳәм мәлимлеме алмасыўда бирге ислеседи.

Сондай-ақ, өз-ара пайдалы мәдений жойбарлар ҳәм басламаларда биргеликте қатнасып, биргеликтеги көркем өнер көргизбелерин шөлкемлестириў, ағартыўшылық илажлар – шеберлик сабақлары, лекциялар ҳәм семинарлар өткереди.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, меморандумға қол қойылыўы мәмлекетимиздиң халықаралық мәдений байланысларын беккемлеў, еки елдиң көркем өнер ғайраткерлери ҳәм дөретиўшилери арасында дөретиўшилик алмасыўдың жаңа перспективаларын ашыўда әҳмийетли қәдем болды.
ӨзА