БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) менен бирге ислесиў орнатылды

Президент жанындағы Басқарыў нәтийжелилиги агентлигиниң басшысы У.Хусаинов БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) ниң Өзбекстандағы ўәкилханасы басшысының орынбасары Ш.Умаров пенен ушырасты.
Онда мәмлекетлик хызметте басқарыў нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик хызметкерлердиң потенциалын жоқарылатыў, кең көлемли бағдарламалар арқалы тараўға инновацияларды енгизиў бойынша бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги ҳәм ФАОның Өзбекстандағы ўәкилханасы арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.

Меморандум шеңберинде мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларында гендер теңлиги, соның ишинде, ҳаял-қызлардың аўыллық жерлерде мәмлекетлик басқарыў уйымларында жумысын кеңейтиў мақсетинде семинар, тренинг, мастер-класс, стажировка бағдарламалары әмелге асырылады.
ФАО системасында жас қәнигелерди таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў әмелияты енгизиледи ҳәм турақлы түрде сырт ел стажировкаларына жибериледи.
Ўәлаятлар ҳәм районлардың аўыл ҳәм суў хожалығы бойынша ҳәким орынбасарлары ушын мәмлекетлик хызметти жетилистириў, аўылларды раўажландырыў, аўыл ҳәм суў хожалығын басқарыў бойынша арнаўлы тәжирийбе арттырыў оқыў бағдарламалары шөлкемлестириледи.
Сырт ел ҳәм жергиликли экспертлерди тартқан ҳалда онлайн оқыў курслары ҳәм модуллерин ислеп шығыў ҳәм арнаўлы платформада жайластырып барыў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиў байланыслары жолға қойылады.
ӨзА