Мәҳәлледе қәўипсизлик, мәмлекетте турақлылық: айрықша жағдайларға қарсы үш әҳмийетли ҳүжжет қабыл етилди

Соңғы жыллары мәмлекетимизде ҳәр бир тараўда жаңаша қатнас ҳәм миллий тәжирийбеге тийкарланған реформалар алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 20-октябрь күни халық ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў тараўын түп-тийкарынан реформалаўға қаратылған әҳмийетли пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.
Булар Президенттиң “Халық ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан исенимли қорғаў тараўын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў ҳаққында”ғы пәрманы ҳәм “Айрықша жағдайлар уйымларының жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында”ғы және “Айрықша жағдайлардан қорғаў тараўын санластырыў және илимий ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарлары болып есапланады.
Бул ҳүжжетлер тараўды илимий-техникалық қатнас тийкарында заманагөй системаға айландырыў, қәўипсизлик мәдениятын жәмийетте қәлиплестириў ҳәм айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша миллий тәжирийбени жаратыўды мақсет етеди.

Жаңа пәрманда да алдынғы сырт ел тәжирийбелерин есапқа алған ҳалда тараўды жаңа басқышқа көтериў ушын алты тийкарғы бағдар белгилеп берилди. Бәринен бурын, профилактика жумыслары енди илимий тийкарда, 9008 мәҳәлле ҳәм 7,5 миллион шаңарақ дәрежесинде әмелге асырылады. Бул “мәҳәлле кесиминде” ҳәм “шаңарақ кесиминде” қатнас жасаўды енгизиў арқалы ҳәр бир аймақтың анық талабын есапқа алыў имканиятын береди.
Сондай-ақ, пуқаралық қорғаў, өрт қәўипсизлиги ҳәм мәмлекетлик қадағалаў системалары трансформацияланады. Яғный, олардың талап ҳәм механизмлери заман талабына сәйкес түрде қайта исленеди. Қурылыс ҳәм хызмет көрсетиў тараўларына қәўип-қәтерлерди сапластырыў бойынша жаңа стандартлар, заманагөй технологиялар енгизиледи.
Айрықша жағдайлардан қорғаў бойынша 5 мыңнан аслам энергетика, өндирис ҳәм турмыс ушын әҳмийетли объектлерде жаңа методикалар ислеп шығылады. Бул жумысларда санлы шешимлер, жасалма интеллект ҳәм робототехника технологиялары жедел қолланылады. Соның менен бирге, тараўда дуал билимлендириў тийкарында маман кадрлар таярлаў системасы жолға қойылады ҳәм илимий-инновациялық және сынаў-изертлеў кластери жаратылады.
Президент пәрманы менен тараўды реформалаў ушын арнаўлы концепция ҳәм 2025-2026-жылларға мөлшерленген комплексли илажлар бағдарламасы да тастыйықланды.
2026-жыл 1-январьдан баслап, жергиликли ҳәкимият уйымларының айрықша жағдайлар бойынша есап бериў системасы да жолға қойылады.
Енди Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят ҳәкимлери жылына еки мәрте өз аймақларындағы жағдай бойынша тийисли Кеңеслерге есап береди. Сондай-ақ, район ҳәм қала ҳәкимлери ҳәр шеректе жергиликли Кеңес алдында есап берип, профилактика жумысларының нәтийжелилиги бойынша жуўапкершиликти өз мойнына алады.
Жаңа шөлкемлестириў илажлары: мәҳәлле қорғалатуғын аймаққа айланады
Президенттиң “Айрықша жағдайлар уйымларының жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы шөлкемлестириў илажлар ҳаққында”ғы қарарында болса мәҳәллелерде профилактикалық жумысларды шөлкемлестириўдиң жаңа системасы анық белгилеп берилди.
Енди “профилактика-қорғаў” принципи тийкарында “Мәҳәллемизди айрықша жағдайлардан қорғалған аймаққа айландырамыз” сүрени астында кең көлемли жумыслар әмелге асырылады. Ҳәр бир мәҳәлледе қәўип дәрежелери илимий-техникалық қатнас арқалы анықланады. Усы тийкарда ҳәр бир аймақ “қызыл,” “сары” ямаса “жасыл” категорияға ажыратылады.

Қәўипи жоқары болған мәҳәллелер турақлы түрде “шаңарақ кесиминде” үйрениледи ҳәм олар ушын арнаўлы “жол карталары” ислеп шығылады. Бул процесс 9008 мәҳәлле, 208 район ҳәм қала және 14 аймақты қамтып алады. “Қызыл” ҳәм “сары” дәрежедеги мәҳәллелерде болса комплексли профилактикалық илажлар биринши гезекте әмелге асырылады.
Соның менен бирге, ҳәр бир мәҳәлледе “мәҳәлле қорғаўы” хызмети шөлкемлестириледи. Бул инспекторлар қәўипсизликти қадағалайды, халық пенен биргеликте түсиндириў жумысларын алып барады.
2026-жылдан баслап Ташкент ўәлаятында “Мәҳәлле қорғаўы” жойбары сынақ тәризинде жолға қойылады. Бул жойбар шеңберинде халықтың үйлеринде өрт, ийс гази ямаса электр қәўпине алып келиўши факторларды сапластырыў бойынша техникалық-профилактикалық илажлар әмелге асырылады.
Шәртнама тийкарында турақ жай фондларында самаллатыў каналлары ҳәм морылардың жағдайы тексериледи, электр ҳәм газ үскенелерине хызмет көрсетиледи. Өртке қарсы қураллар қадағаланады. Бул жумыслар арқалы халықтың турмыс қәўипсизлиги тәмийинленеди.
Жойбар шеңберинде халық арасында кеңнен үгит-нәсият жумыслары да алып барылады. Қәўипсизлик бойынша буклетлер, қолланбалар тарқатылады, профилактикалық шынығыўлар өткериледи.
Билимлендириў ҳәм қәўипсизлик мәдениятын қәлиплестириў
Ҳүжжетте билимлендириў системасы арқалы халықта қәўипсизлик мәдениятын арттырыўға айрықша итибар қаратылған. Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 8 мыңға жақын балалар ушын “Биринши қәдем” бағдарламасы шеңберинде “Қәўипсиз ҳәрекет көнликпелери” қәлиплестириледи.
2026-2027-оқыў жылынан баслап 11 мыңнан аслам улыўма билим бериў ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери және 500 ден аслам жоқары билимлендириў шөлкемлеринде “Турмыслық жумыс қәўипсизлиги” темасында әмелий шынығыўлар шөлкемлестириледи.
Буннан тысқары, бәҳәр ҳәм қыс мәўсимлери алдынан мәҳәллелерде жумыссызлар, кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар менен биргеликте оқыў-шынығыўлар өткериледи. 2026-жылдан баслап болса 50 ден аслам хызметкери болған барлық шөлкемлерде шәртнама тийкарында оқыў-әмелий оқытыў жолға қойылады.
Айрықша жағдайлардың алдын алыўда халықтың белсендилигин арттырыў мақсетинде “Айрықша жағдайлар волонтёры” жәмийетлик топарлары шөлкемлестириледи. Бул топарлар “Биз биргемиз!” ҳәрекети шеңберинде ҳәр бир мәҳәллени қәўипсиз аймаққа айландырыўға үлес қосады.
“Мәҳәлле – волонтёр – мәмлекетлик инспектор” бирге ислесиў шынжыры арқалы системалы жумыс жолға қойылады. Соның менен бирге, белсенди волонтёрларға бир қатар жеңилликлер бериледи. Мәселен, Айрықша жағдайлар академиясына кириўде жәми топлаған балларының 5 проценти муғдарында қосымша баллар қосылады. Сондай-ақ, “мәҳәлле жетилиги” усынысына тийкарланып олар қутқарыўшы лаўазымына жумысқа қабыл етиўде үстинликке ийе болады.
Санластырыў ҳәм инновациялар жаңа имканиятлар есигин ашады
Президенттиң “Айрықша жағдайлардан қорғаў тараўын санластырыў және илимий ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары болса тараўды заманагөй санлы платформаларға алып шығыўды мақсет етеди.
Бул бағдарда 14 тийкарғы жойбар әмелге асырылады. Олардың шеңберинде “Digital Team” атлы уйымлараралық жәмәәт шөлкемлестириледи. 2026-2027-жылларда бул топарға 35 министрлик ҳәм уйым қәнигелери тартылады. Усының менен тараўдағы санлы шешимлерди нәтийжели интеграциялаў тәмийинленеди.
Сондай-ақ, Айрықша жағдайлар министрлиги жанындағы илимий-изертлеў институты қайта шөлкемлестирилип, енди ол “Илимий-инновациялық ҳәм сынаў-изертлеў институты” сыпатында жумыс алып барады.
Бул институт 33 түрден аслам қутқарыў үскенелерин жергиликли өндиристи жолға қояды. Сондай-ақ, 12 түрдеги қурылыс материалларының өртке шыдамлылығын баҳалаў системасын енгизеди.
Санластырыў ҳәм инновация процесслерин муўапықластырыўда бир қатар министрликлер жуўапкер етип белгиленди. Санлы технологиялар министрлиги – мәлимлеме системаларын енгизиў, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги – илимий қолланбаларды коммерцияластырыў, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги – инвесторларды тартыў, Экономика ҳәм қаржы министрлиги және Орайлық банк – қаржыландырыў жумысларына жуўапкер болады.
Қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар Өзбекстанда айрықша жағдайлар тараўын жаңа басқышқа көтериўге қаратылған системалы реформаларды баслап берди. Бул реформалар тек ғана мәмлекетлик система емес, ал ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир пуқара дәрежесинде қәўипсизлик мәдениятын қәлиплестириўди нәзерде тутады.
Яғный, енди қәўипсизлик тек ғана мәмлекеттиң емес, ал пүткил жәмийеттиң улыўма жуўапкершилигине айланбақта.
ӨзА