«Ташкентте “Нақш” өнерментшилик мектеби ашылды. Бул жойбар Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры ҳәм Британияның ең ески дәстүрий көркем өнер мектеби – Кинг фонды (КФСТА) менен биргеликте әмелге асырылды

103

КФСТА көп жыллардан берли дүньяның түрли мүйешлеринен келген усталарға архитектура, нағыс, каллиграфия ҳәм әмелий көркем өнер сырларын үйретип киятырған дәргай болып есапланады. Енди бул бай тәжирийбеден Өзбекстанда да пайдаланыў имканияты пайда болмақта.

“Нақш” мектебиниң биринши оқыў жылы бес курстан ибарат болады. Дәслепки сабақлар Ташкентте, 2-басқыш Самарқандта – Улығбек медресесинде өткерилип, студентлер XV әсир естеликлери мысалында ислам көркем өнерине байланыслы нағысларды үйренеди.


Әййемги өнерлер заман менен үнлес болып атырғаны, усталар болса оларды әўладтан-әўладқа жеткериў ушын илҳамланып атырғаны қуўанышлы жағдай», – деди өз телеграм каналында Саида Мирзиёева.

Қарақалпақстан хабар агентлиги