Поль Бийя Камерун президенти деп жәрияланды

“Arab News”тиң хабар бериўинше, Орайлық Африка мәмлекети Конституциялық Кеңеси тәрепинен бүгин жәрияланған рәсмий нәтийжелерге бола, Камерун президенти Поль Бийя сегизинши мүддетке қайта сайланған.
Атап өтилиўинше, 92 жаслы Бийя 1982-жылдан берли үлкени басқарып келмекте. Сондай-ақ, ол 2008-жылы президентлик мүддети шеклеўлерин бийкар еткен еди.

Оның быйылғы ең қатаң қарсыласы – көпшиликти өзине тартқан ҳәм оппозициялық партиялар менен пуқаралық жәмийети топарлары коалициясының қоллап-қуўатлаўына ерискен 70 жастағы бурынғы бәнтлик министри Исса Чирома Бакари болды.
М.Пирматова, ӨзА