Орайлық Азиядағы биринши изертлеў ҳәм инновациялар орайы шөлкемлестириледи

110

Өзбекстан Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, UNICEF ҳәм “Fondazione Reggio Children”  қоры арасында Орайлық Азияда биринши ерте билимлендириў бойынша регионаллық Изертлеў ҳәм инновация орайын шөлкемлестириў бойынша түсинисиў меморандумына қол қойылды.

 Орайдың шөлкемлестирилиўи ҳәр бир баланың дәслепки жыллардан баслап сапалы билим алыўын тәмийинлеўге қаратылған реформаларымыздың логикалық даўамы болып есапланады, – деди Мектепке шекемги билимлендириў системасының жумысын муўапықластырыў департаментиниң директоры Лола Бердиева.

– Бирге ислесиўшилер менен педагоглардың кәсиплик раўажланыўын системалы түрде күшейтиў, илимий изертлеўлерди алға қойыў ҳәм әмелиятлар, атап айтқанда, инклюзия, ойын арқалы билимлендириў ҳәм социаллық-эмоционаллық раўажланыўды енгизиў имканиятын береди. Бул баслама регионаллық тәжирийбе алмасыў платформасына айланып, Өзбекстанда ҳәм оннан тысқарыда әмелий, көзге көринетуғын нәтийжелер беретуғынына исенемиз.

Жаңа объект педагоглардың кәсиплик раўажланыўындағы инновацияларға тийкарғы әҳмийет қаратады, билимлендириў тараўындағы изертлеў ҳәм баланың шахсына бағдарланған жоқары сапалы билимлендириўди хошаметлейди. Сондай-ақ, баланың өмириниң дәслепки жылларынан-ақ сын көзқарастан пикирлеў, дөретиўшилик ҳәм социаллық-эмоционаллық көнликпелерди беккемлейди.

– UNICEF ҳәм “Fondazione Reggio Children” қоры ҳәм Өзбекстан ҳүкимети арасындағы шериклик арқалы биз мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын және де арттырыў және сапалы ҳәм инклюзив мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў бойынша Өзбекстан тәжирийбесин пүткил регион менен бөлисиў имканиятын көрмектемиз, – деди UNICEFтиң мәмлекетимиздеги ўәкилханасының басшысы Реҳина Мария Кастижио.

Шөлкемниң мәлим етиўинше, регионаллық орай сапа жағынан, яғный изертлеў ҳәм ерте билимлендириўдиң глобаллық стандартын қолланыўға қызыққан Орайлық Азиядағы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери менен тығыз бирге ислеседи.

– “Fondazione Reggio Children” қоры орайының шөлкемлестирилиўи балалар ушын сапалы ерте билимлендириўди раўажландырыў ҳәм Өзбекстан билимлендириў системасының талаплары менен маманлығына жуўап бериў имканиятын жаратыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады, – деди қор директоры Кристиан Фабби. – Биз UNICEF структурасына бул имканиятты жаратып бергени ушын оғада миннетдармыз ҳәм жақын келешекте биргеликте ислесиўге таярмыз. Бул Өзбекстан ҳәм регион ушын сапалы билимлендириўге қойылған үлкен қәдем екенине беккем исенемиз.

Өзбекстанды пүткил дүнья бойлап басқа да инновациялық орайлар менен байланыстырыў арқалы бул баслама 174 мың мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң хызметкерлерине тәсир ететуғын халықаралық изертлеўлерди алға қояды ҳәм билимлендириў жумысын раўажландырады.

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

 ӨзАның хабаршысы