Макроэкономикалық көрсеткишлер ҳәм мәмлекетлик бюджети параметрлери додаланды

27-октябрь күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң жанында болып өткен кеңейтилген мәжилисте усы жылы экономикада күтилип атырған нәтийжелер ҳәм 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлер додаланды.
Усы жылдың январь-сентябрь айларында экономикамыз прогнозынан бираз жоқары пәтлерде – 7,6 процентке өсти. Санаат көлеми 6,8 процент, қурылыс – 14,2 процент, хызметлер – 14 процент, аўыл хожалығы – 4,1 процентке артты.

Алтын-валюта резервлери өткен жылға салыстырғанда 35 процентке көбейип, 55 миллиард долларға жетти. Абырайлы халықаралық рейтинг агентликлери мәмлекетимиздиң экономикалық перспективаларын жоқары баҳаламақта. “Fitch Ratings” биринши мәрте мәмлекетимиздиң суверен рейтингин бир текшеге көтерген болса, “Moody’s” ҳәм “S&P Global” өз күтилмесин “турақлы”дан “унамлы”ға өзгертти.

– Ең әҳмийетлиси, ерисилген нәтийжелер халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Халықтың дәраматлары 18,4 процентке, аманатлар 35,3 процентке, орташа мийнет ҳақы болса 19,2 процентке өсти. Сораўлар халық ҳәм бизнес арасында исеним орталығының күшейгенин, жаңа жумыс орынлары ҳәм дәрамат дәреклериниң кеңейип атырғанын көрсетпекте.

Президент жоқары өсиў пәтлерин жылдың ақырына шекем сақлап қалып, жалпы ишки өнимниң көлемин 135 миллиард доллардан арттырыў экономикалық комплекстиң тийкарғы ўазыйпасы болатуғынын атап өтти.
Сын көзқараста өткен мәжилисте келеси жыл ушын тийкарғы режелер көрип шығылды.

Жуўапкерлер 2026-жылы өсиў пәтин 6,6 процент дәрежесинде тәмийинлеп, жалпы ишки өним көлемин 150 миллиард доллардан арттырыў, экономикаға барлық дереклерден кеминде 400 триллион сум қаратыў, инфляцияны 7 проценттен артпайтуғын дәрежеде сақлап қалыў прогноз етилгени бойынша мәлимлеме берди.
Президентимиз бул режелерге ерисиў ушын барлық имканият ҳәм шараят бар екенлигин атап өтип, ҳәр бир министрлик, тармақ ҳәм аймақ басшылары қатаң итибар қаратыўы зәрүр болған әҳмийетли мәселелерди көрсетип өтти.

2026-жылғы бюджет жойбарында тийкарғы салық ставкалары өзгериссиз қалатуғын шараятта бюджет дәраматларын избе-излик пенен арттырып барыў, соның менен бирге, қәрежетлер бөлегиниң нәтийжели жумсалыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў шәрт екенлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, келеси жылы қәрежетлерди кескин қысқартыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў барлық дәрежедеги басшылар ушын тийкарғы норма болады.

Онда стратегиялық тармақларда өзине түсер баҳаны азайтыў ҳәм бәсекиге шыдамлылықты арттырыў, жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың дивиденд сиясатын тәртипке салыў, субсидия ҳәм жеңилликлердиң нәтийжелилигин таллап, нәтийжеси төмен болғанларын бийкарлаў, жасырын экономика үлесин қысқартыў, район ҳәм қала бюджетлериниң дәраматларын көбейтиў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
Халықаралық финанс шөлкемлериниң қаржылары қатнасыўындағы жойбарларды жеделлестириў, буннан былай бар жойбарларды ақырына жеткерип ғана жаңа жойбарларға ресурс тартыў системасына өтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Министрликлер ҳәм уйымлардың бюджеттен тысқары қорларында топланған қалдықлардың ярымын өз алдына қорға өткериў ҳәм бул қаржыларды мектеплер қурылысы ҳәм медицинаға бағдарлаў тапсырылды.
Мәжилисте додаланған мәселелерден келип шығып, 2026-жылғы Мәмлекетлик бюджет жойбарының тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.
ӨзА