Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич Өзбекстанға келди
106

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич өмирлик жолдасы менен бирге 28-октябрь күни рәсмий сапар менен Өзбекстанға келди.
Жоқары мәртебели мийманды Ташкент халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Сапардыӊ бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткериледи, оларда Өзбекстан – Сербия көп тәреплеме бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланады.
Сондай-ақ, Александр Вучич ҳүрметли мийман сыпатында усы ҳәпте Самарқанд қаласында басланатуғын ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясында да қатнасады.
А.РУСТАМОВ,
Н.ХАЙДАРОВ (сүўрет), ӨзА