Рәсмий мүнәсибет: елимиздеги эпидемиялық жағдай турақлы мониторинг етилип барылмақта

Социаллық тармақларда балалар арасында мәўсимлик өткир респиратор вируслы кеселликлерге уқсас, бирақ иш өтиў ҳәм қусыў симптомлары болған инфекция тарқалып атырғаны менен байланыслы хабарлар жәрияланбақта.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызмети бул жағдай бойынша төмендегилерди мәлим етеди:
“Сыр емес, ҳаўа-тамшы жолы арқалы жуғатуғын өткир респиратор вируслы инфекциялар мәўсимлик характерге ийе болып, гүзде температура төменлеўи менен кеселлениў көрсеткишлери бир қанша артады.
Бақлаўларға бола, аязлаў мәўсиминиң басланыўы әдетте август айының ақыры ҳәм сентябрь айына туўра келеди. Быйыл болса бул мүддет бираз кеширек – октябрь айының соңғы 10 күнлигинде басланды. Яғный бул социаллық тармақларда айтылып атырғанындай, ҳеш қандай әдеттен тыс жағдай емес.
Гейде респиратор белгилер жөтел, түшкирик, мурын ашыўы, дене температурасының көтерилиўи менен бақланса, айырым наўқасларда асқазан-ишек системасының бузылыўы көринисинде болады. Демек, бул кеселликлер барлық ўақытта бир қыйлы өтпейди ҳәм бул жағдай вирустың штаммлары менен байланыслы.
Және бир әҳмийетли тәрепти умытпаў керек. Бир ўақыттың өзинде бактериал ҳәм вируслы инфекциялардың ҳәўиж алыўы бақланбайды. Яғный микроорганизмлер дүньясында сондай бир процесс бар, бири екиншисиниң көбейиўине жол қоймайды.
Мәўсимлик респиратор кеселликлердиң ҳәўиж алыўын коронавирус мутациясы сыпатында баҳалаў да пүткиллей орынсыз. Қалаберди, бүгинги күнге келип COVID-19 әпиўайы респиратор инфекцияға айланып үлгерген. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде коронавирус бойынша жағдай турақлы.
Ҳәзирги ўақытта медицина мәкемелеринде өткир респиратор вируслы инфекцияларды емлеў ушын зәрүр орын-жай ҳәм дәри-дәрмақ резерви жаратылғанын атап өтиў керек. Елимиздеги эпидемиялық жағдай турақлы мониторинг етип барылмақта.
Денсаўлықты сақлаў министрлигинде өз алдына штаб дүзилип, оған Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң ўәкиллери, тараў илимпазлары, система жуўапкерлери және Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан аналықты ҳәм балалықты қорғаўға жуўапкер қәнигелер тартылған.
Усы жерде ата-аналарға кеселлик белгилери бақланған перзентлерин өз ўақтында шаңарақлық шыпакер көригине алып барыў усыныс етиледи.
Улыўма, Өзбекстанда эпидемиологиялық жағдай турақлы. Соның ушын ҳеш қандай қәўетерге орын жоқ.”
ӨзА