1-ноябрьден “техпаспорт”ты алмастырыў шәрт емес пе? (+видео)

162

Усы жылдың 1-ноябринен баслап автомобильге газ баллон орнатылғаннан соң “техпаспорт”ты алмастырыў талап етилмейди.

Атап өтилиўинше, Өзбекстан Президентиниң 2025-жыл 16-сентябрьде “Республиканың аймақлары, тараў ҳәм тармақларында санлы технологияларды енгизиўди және де жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы [ПҚ-286-санлы] қарары қабыл етилген.

Оған бола, 2025-жыл 1-ноябрьден баслап транспорт қуралына газ баллоны орнатылғанына байланыслы мағлыўматларды электрон түрде жүргизиў арқалы транспорт қуралын дизимнен өткериў гүўалығын қайта рәсмийлестириў тәртиби бийкар етиледи.

ӨзА