Жасалма интеллект тараўында БАӘ тәжирийбеси: өз-ара бирге ислесиў кеңеймекте

Жасалма интеллект тараўындағы алдынғы халықаралық әмелиятларды үйрениў ҳәм енгизиў бағдарында мәмлекетимизде перспективалы жумыслар алып барылмақта. Себеби жасалма интеллект технологиялары бүгин экономикадан баслап, билимлендириў, медицина, аўыл хожалығы ҳәм басқарыў системасына шекем терең кирип бармақта.
Жылдың басында 2030-жылға барып, дүнья экономикасында жасалма интеллект көлеми 15 триллион долларға жетиўи прогноз етилген болса, ҳәзирги таллаўлар бул сан 20 триллион доллардан артыўын көрсетпекте.
Мәмлекетимиз басшысының басшылығында 21-октябрь күни мәмлекетлик басқарыў, экономика тармақлары ҳәм аймақларда жасалма интеллект технологияларын жедел енгизиў мәселелери бойынша болып өткен видеоселектор мәжилисинде усы тараўға байланыслы тийкарғы мақсетлер белгилеп берилди.

– Бүгинги күнде инсаният жаңа цивилизация басқышына – жасалма интеллект дәўирине исенимли қәдем қоймақта. Қайсы тараў болмасын, бул процессте қатты изленип, анық нәтийже ислесе, бир қәдем алдында жүрсе, шек соныки болады, – деп атап өтти Президентимиз бул мәжилисте.
Өзбекстан Республикасы перспективалы жойбарлар миллий агентлиги де тийисли уйымлар менен биргеликте мәмлекет басшысы тәрепинен белгиленген ўазыйпаларға муўапық жасалма интеллект тараўындағы алдынғы халықаралық әмелиятларды үйрениў ҳәм енгизиў бойынша жумысларды алып бармақта.
Соның ишинде, агентлик директорының биринши орынбасары Вячеслав Пак басшылығындағы Өзбекстан Республикасы делегациясы Дубайда Бирлескен Араб Әмирликлериниң Жасалма интеллект, санлы экономика ҳәм аралықтан турып ислеў бойынша мәмлекетлик министри Умар Султон Ал Олама менен ушырасты.
Ушырасыўда мәмлекетлик басқарыўда жасалма интеллектти енгизиў тараўында бирге ислесиўди жолға қойыў, БАӘның жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда жойбарларды таңлаў ҳәм баҳалаў тәжирийбесин үйрениў ҳәм кадрларды таярлаў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, бирден-бир интегратор Uzinfokom ўәкиллери жасалма интеллект мәлимлеме системалары ҳәм қосымшаларын ислеп шығыў, енгизиў бойынша өз тәжирийбелерин усынды, делинеди Перспективалы жойбарлар миллий агентлигиниң мағлыўматында. Бул болса өз гезегинде БАӘ ўәкиллериниң қызығыўшылығын оятты.
Нәтийжеде тәреплер жасалма интеллект тараўында кеңнен бирге ислесиў, өз-ара тәжирийбе ҳәм оқыў илажларын шөлкемлестириў бағдарында келисип алды.
ӨзА