Путин: Ушырасыў бийкар етилмеди, көширилди (+видео)

78

Кеше Владимир Путин Дональд Трамптың Будапешттеги ушырасыў ҳаққындағы сөзлерине мүнәсибет билдирди. Бул ҳаққында Кремль сайтында хабар берилди.

– Бул билдириў менен таныспан, – деген РФ басшысы. – АҚШ Президенти ушырасыўды бийкарлаў ямаса көшириў ҳаққында сөз еткен. Мениңше, ол көбирек көшириўди нәзерде тутқан. Сөйлесиў қарсылық көрсетиў ямаса тартысыў, әсиресе урыстан гөре жақсырақ. Соның ушын биз бәрқулла қарым-қатнастың даўам етиўин қоллап-қуўатлап келгенбиз ҳәм ҳәзир де усы пикирдемиз. Бул мәселеге үстиртин нәзер менен қараў ҳәм ушырасыўдан күтилип атырған нәтийжеге ерисе алмаў ҳәр еки тәреп ушын қәте болар еди.

Будапешт саммити усынысы Америка тәрепинен киргизилди. Алдынғы келисимге бола, мәмлекетлик хаткер Марко Рубио ҳәм сыртқы ислер министри Сергей Лавров ушырасыўы керек. Путин Россияға қарсы енгизилген жаңа санкция ҳаққында сөз етип, қатаң характерге ийе бул қарар күтилмеген ақыбетлерге алып келиўи мүмкин екенлигин тән алған. Соның менен бирге бул шеклеўлер Россия экономикасына айрықша тәсир көрсетпейтуғынын да қосымша еткен.

– Бул Россияға басым өткериўге урыныў, бирақ өзин ҳүрмет ететуғын ҳеш бир мәмлекет ямаса халық ҳеш қандай қарарды басым астында қабыл етпейди, – деген ол. – Бул қәдем енди ғана тикленип атырған Россия – АҚШ қатнасығына унамсыз тәсир етеди. Бундай ҳәрекет ҳәр еки тәреп ушын тек зыян келтиреди.

Кенжа Бекжонов, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА