Өзбекстан Президенти Европа исбилерменлерин өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге шақырды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Белгияға рәсмий сапары шеңберинде Европаның жетекши компания ҳәм банклериниң басшылары менен дөгерек сәўбет өткерди.
Ушырасыўда “Vandewiele”, “Linde”, “Rhenus Logistics”, “Ahlers Logistics”, “Lasselsberger Group”, “Pietro Fiorentini”, “NextChem”, “Meridiam”, “SUEZ”, “FMO”, “European Investment Bank”, “Commerzbank”, “KfW”, “Textima”, “Chimcomplex”, “Metso” ҳәм басқа да компания ҳәм корпорациялардың басшылары қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы илажда Европаның жетекши компанияларының қатнасып атырғаны жоқары өз-ара исеним ҳәм узақ мүддетли шерикликке умтылыстың көриниси екенин айрықша атап өтти.

Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўы Өзбекстан ҳәм ЕИ арасындағы қатнасықларда жаңа дәўирди баслап беретуғыны атап өтилди.

Соңғы жети жылда товар алмасыў еки есеге көбейди, Европа инвестициясының қатнасыўындағы биргеликтеги кәрханалардың саны мыңнан асты. Бул көрсеткишлер инвесторлардың Өзбекстандағы экономикалық реформаларға исеними артып атырғанынан дерек береди.

Европалы шериклер Өзбекстан экономикасын модернизациялаў ҳәм түп-тийкарынан реформалаў, алдынғы технологиялар, корпоратив басқарыў стандартларын енгизиў ҳәм инновациялық өндиристи раўажландырыўға жәрдем берип атырғаны атап өтилди.

Президентимиз инсан капиталын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Жаслардың жоқары билим алыў имканиятлары сезилерли дәрежеде кеңейтилди. Жаңа жоқары оқыў орынлары шөлкемлестирилди, сырт ел университетлериниң филиаллары ашылды, европалы бирге ислесиўшилер менен қоспа билимлендириў бағдарламалары әмелге асырылмақта.

Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы бирге ислесиўди және де тереңлестириўдиң төрт әҳмийетли бағдарын көрсетип өтти.

Өзбекстан стратегиялық шийки зат ҳәм минералларды өзлестириў ҳәм терең қайта ислеў арқалы жоқары қосымша қунлы таяр өнимлер ислеп шығарыў бойынша жойбарларды биргеликте әмелге асырыўдан мәпдар.

“Жасыл экономика” ҳәм химия санааты да бирге ислесиў ушын перспективалы бағдарлар болып есапланады. Мәмлекетимиз қайта тикленетуғын энергетиканы жедел енгизбекте, энергетика системасын модернизацияламақта. Европалы шериклерге “жасыл” энергетика, энергияны үнемлеў ҳәм экологиялық химия жойбарларында қатнасыў усыныс етилди.

Инфраструктураны ҳәм логистиканы раўажландырыў да тийкарғы әҳмийетке ийе екени көрсетип өтилди. Өзбекстан автомобиль жоллары, темир жоллар ҳәм аэропортларды өз ишине алған транспорт тармағын модернизация етпекте. Мәмлекетимиз транзит жөнелислерин раўажландырыў, Европа ҳәм Азияны байланыстыратуғын заманагөй логистика орайларын қурыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға таяр.
Санлы экономика ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўына айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан IT -Парклер ҳәм стартап инкубаторларын раўажландырмақта ҳәм Европа компаниялары менен жасалма интеллект ҳәм киберқәўипсизлик тараўларында бирге ислесиўге таяр.
Дөгерек сәўбети қатнасыўшылары, өз гезегинде, мәмлекетимизде инвестициялар ушын жаратылған ашық-айдын ҳәм турақлы шараятларды жоқары баҳалады және елимизде жаңа биргеликтеги жойбар ҳәм басламаларды әмелге асырыўда қатнасыўға таяр екенлигин тастыйықлады.
ӨзА