Түркий тиллес мәмлекетлердиң философиясы, мәденияты, байланыслары: тарийх, бүгин ҳәм келешек

97


Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясында “Түркий тиллес мәмлекетлердиң философиясы, мәденияты, байланыслары: тарийх, бүгин ҳәм келешек” атамасында
VI халықаралық симпозиум өткерилди.

Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясының басламасы менен өткерилген симпозиумда Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети, Россия Федерациясы, Түркия, Швеция, Малайзия, Қазақстан, Қырғызстан университетлериниң жетекши илимпазлары, профессор-оқытыўшылар, докторантлар, еркин излениўшилер, магистр ҳәм студентлер қатнасты.

Илажды Өзбекстан Республикасы Президентиниң ўәкилликли уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, дин ҳәм жаслар мәселелери бойынша кеңесгөйиниң орынбасары, Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясының ректоры Музаффар Комилов, Дин ислери бойынша комитети баслығының орынбасары Матлуба Қаҳҳорова, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының академиги Аҳмадали Асқаров, Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясының академиги Нурислом Тўхлиев, Стамбул университетиниң социаллық сиясат илимлериниң докторы Кемал Явуз Атаман қутлықлаў сөзлери менен ашып берди.

Әнжуман жәмийетлик илимлер, философия, тарийх, сиясаттаныў ҳәм мәденияттаныў тараўларындағы әҳмийетли мәселелерди қамтып алды.

Бул илимий додалаўды өткериўден мақсет түркий тиллес мәмлекетлер философиясы, мәденияты, бирге ислесиўи ҳәм қәўипсизлиги мәселелери, сондай-ақ, түркий тиллес мәмлекетлер интеграциясы факторлары ҳәм нызамлылықларын үйрениў тараўында топланған тәжирийбени улыўмаластырыўдан ибарат.

Симпозиум даўамында түркий тиллес мәмлекетлердиң философиясы, мәденияты, интеграциясы ҳәм бирге ислесиўин раўажландырыўдың социаллық, сиясий тәреплериниң теориялық-методологиялық мәселелерине байланыслы таллаўлар үйренилди. Түркий тиллес мәмлекетлердиң философиясы, мәденияты тарийхы бойынша мағлыўматлар алмасылды. Түркий тиллес мәмлекетлердиң интеграциясы ҳәм бирге ислесиўин раўажландырыўдың социаллық, мәдений, сиясий тәреплери додаланды.

– Ислам дининиң Ҳижаз жеринен Мәўереннахрға тарқалыўы ҳәм түркий халықлардың мусылман болыўы тарийх ағымын ҳәм жәмийетлердиң дүзилисин түп-тийкарынан өзгертип жиберди, – деди Стамбул университети социаллық сиясат илимлериниң докторы Кемал Явуз Атаман. – Бул дәўирлерде уллы илимпазлар, суфийлер жетилисип шыққан, бийбаҳа шығармалар жаратылған. Түркий халықлар ислам цивилизациясының раўажланыўына басшылық етип, пүткил дүньяға өз тәсирин көрсетти. Бүгинги күнде болса мәмлекетлер ҳәм миллетлер глобал орайлардың үстемлиги астында қалды. Сиясий, экономикалық ҳәм технологиялық монополиялар қәлиплесип, инсаныйлық, миллий ҳәм диний қәдириятлар әззиледи. Усындай дәўирде түркий халықлардың аўызбиршилиги ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли. Бүгинги симпозиум өтмиште жасап өткен ата-бабаларымыздың илимий мийрасын үйрениўге, оларды бүгинги күндеги улыўма мақсетлеримизди әмелге асырыўда тийкар болады, деп ойлайман.

Симпозиумда “Түркий философиялық ой-пикиринде инсан ҳәм тәбият үнлеслиги: тарийхый тамырлар ҳәм заманагөй талқынлар”, “Түркий халықлар мәмлекетшилиги ҳәм ҳуқық тарийхы және олардың заманагөй ҳуқық системаларының раўажланыўындағы орны”, “Түркий мәмлекетлер интеграциясы: геосиясий процесслер ҳәм жаңа перспективалар”, “Уллы Жипек жолы ҳәм түркий халықлар арасындағы тарийхый байланыслар” және “Түркий халықлардың ислам цивилизациясына қосқан үлеси” сыяқлы темалардағы мәселелер додаланды.

– Бүгинги дүньядағы сиясий процесс халықаралық жәмийетшиликти және де бирлесиўге, қыйын жағдайлар менен байланыслы машқалаларға биргеликте нәтийжели шешим табыўға умтылдырмақта, – деди Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң профессоры, философия илимлериниң докторы Исмоил Саифназаров. – Түркий мәмлекетлер шөлкеми регионда өзине тән әҳмийетли бирге ислесиў моделине айланып баратырғаны халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де мүнәсип тән алынбақта. Бул платформа қысқа ўақыт ишинде анық стратегиялық мақсетлерди әмелге асырыў имканиятына ийе структура сыпатында көрсетилмекте.

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң өзине тәнлиги және сонда, барлық ағза мәмлекетлерде сиясий турақлылық тәмийинленген ҳәм өз-ара дослық қатнасықлар орнатылған. Халықаралық жәмийетшилик пенен исенимди беккемлеў қәбилети шөлкемниң узақ мүддетли ҳәм турақлы раўажланыў мақсетине муўапық, регионаллық бирге ислесиўге үлес қосыўда шешиўши әҳмийетке ийе. Өзбекстан басшылығы дәўиринде шөлкемниң “Түркий дүнья нәзери – 2040” концепциясы қабыл етилгени итибарға ылайық мәселелерден бири екенин атап өтиў керек.

Тийкарғы додалаўлардан соң симпозиум жумысы панель сессиялары менен даўам етти. Симпозиумда шығып сөйлегенлер тәрепинен түркий тиллес мәмлекетлердиң философиясы, мәденияты, тарийхының жаңа қырлары, түркий тиллес мәмлекетлердиң интеграциясы ҳәм бирге ислесиўин раўажландырыўдың социаллық, сиясий тәреплерине тәсир етиўши факторлар, түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў байланысларының тарийхы ҳәм бүгинги күни және түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиўин раўажландырыўдың социаллық, мәдений ҳәм сиясий тәреплери, перспективалары ҳаққында пикир билдирилди.

Әнжуман шеңберинде 100 ден аслам мақала тезислери жыйналды, олардың арасынан ең әҳмийетли мәселелерге бағышланған тезислер сайлап алынды.

Симпозиум жуўмағында Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы аймағында жайласқан тарийхый зыярат орынларына саяхат шөлкемлестирилди.

 

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы