Усақлап сатыўдағы акция ҳәм шегирмелер ушын жаңа ҳуқықый тәртип енгизилди

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 21-октябрьдеги қарарына бола, усақлап сатыўда акция ҳәм шегирмелерди ҳуқықый жақтан тәртипке салыў ҳәм мәмлекетлик қадағалаўды тәмийинлеў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 13-февральдағы қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасында усақлап сатыў саўдасы қағыйдалары”на усақлап сатыўда товарларға хошаметлеўши акция ҳәм шегирмелер қолланыў тәртиби ҳәм оларды қолланыў бойынша талапларды бузғаны ушын жуўапкершилик илажлары қолланылыўы бойынша өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Қарарға бола, бул саўда қағыйдалары “сыйлықландырыўшы акция”, “баҳалаў қағазы”, “шегирме баҳа” ҳәм “шегирме баҳаға шекем” сыяқлы түсиниклер менен толықтырылды.
Сондай-ақ, сатыўшы тутыныўшылардың қызығыўшылығын арттырыў, сатыўды көбейтиў ямаса басқа мақсетлерде өзи реализациялап атырған товарларға хошаметлеўши акция ямаса шегирмелер қолланыўы мүмкин. Бирақ алкоголь, пиво, вино, темеки өнимлери ҳәм никотин қурылмалары буған кирмейди.
Шегирме жәрияланғанда төмендеги талаплар белгиленди:
Алдынғи баҳа – ақырғи 30 күн ишиндеги еӊ төмен баҳа болыўы шәрт. (аўыл хожалығы өнимлери буған кирмейди);
Акциядағы баҳа әдеттеги баҳадан үлкен шрифтте жазылыўы мүмкин емеслиги (егер баҳалаў қағазы бар болса);
Баҳа жасалма түрде көтерилип, кейин түсирилип шегирме сыпатында көрсетиў арқалы тутыныўшыларды шалғытыў қадаған етилди;
Акция/шегирме ҳаққындағы мәлимлемелер салық уйымларына 10 күн алдын усынылыўы;
Сатыўшы шегирме жәриялаўдан алдын товар ҳәм баҳаларды есапқа алыўы, ақырғы 30 күнде әмелде болған баҳаларын жазып алыўы ҳәм тутыныўшыға усы мағлыўматты усыныўы;
Сатыўшы акцияны өткериў шәртлери, акцияның әмел етиў мүддети, сатып алыў шәртлери, акцияға қойылатуғын товарлардың аты (топары), баҳасы, жеңилликлер ҳәм басқа да әҳмийетли мағлыўматларды тутыныўшыларға анық ҳәм түсиникли етип жеткериўи;
Акцияға қойылған товарлар запасының оның әмел етиў мүддети даўамында жетерли муғдарда болыўын тәмийинлеўи;
Егер шегирме ушын жеке мағлыўмат талап етилсе, сатыўшы нызамшылыққа бойсыныўы ҳәм тутыныўшыны мағлыўматларды қайта ислеў мақсетлери ҳәм шәртлери ҳаққында хабардар етиўи;
Хошаметлеўши акция ҳәм шегирмелер қолланыў бойынша талапларды бузғаны ушын жуўапкершилик шаралары қолланылады.
Н.Рахманова,
ӨзА