Түркий мәканда айрықша жағдайларда бирге ислесиў беккемленеди

2025-жыл 26-сентябрьде “Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Пуқаралық қорғаў механизмин шөлкемлестириў ҳаққындағы Келисимди (Бишкек, 2024-жыл 6-ноябрь) ратификациялаў ҳаққында”ғы нызам күшке кирди.
Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары Одилжон Маматкаримов усы нызам менен ратификацияланған Келисимниң әҳмийетли тәреплери ҳаққында айтып берди:
– Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ)не ағза мәмлекетлердиң бирге ислесиў байланыслары барған сайын беккемленип бармақта. Өзбекстанның шөлкем шеңбериндеги орны ҳәм абырайы артпақта. Себеби, мәмлекетимиз басшысы шөлкем мәжилислеринде әҳмийетли басламаларды алға қойыў менен бирге ТМШ тың абырайының артыўына да үлес қосып келмекте.
2023-жыл 16-март күни Түркияның Анкара қаласында болып өткен ТМШ тың жоқары дәрежедеги гезексиз мәжилиси шеңберинде Өзбекстан Президенти тәрепинен пуқаралық қорғаў механизмин шөлкемлестириў ҳәм тәбийғый апатшылықлар ўақтында аўызбиршиликте ҳәрекет етиўге бағышланған бир қатар басламаларды алға қойды.
“Тәбийғый апатшылықлардың алдын алыў ҳәм олардың ақыбетлерин азайтыў улыўма түркий платформа”сын жаратыў, “Айрықша жағдайларда биргеликтеги ҳәрекетлер стратегиясы”н ислеп шығыў, “Жас халықаралық қутқарыўшылар корпусы”н дүзиў сыяқлылар усылардың қатарына киреди.
Жаңа нызам Өзбекстанның ТМШға ағза мәмлекетлер менен бирге ислесиў байланысларын жаңа басқышқа алып шығыў, бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый базасын және де кеңейтиў мақсетинде қабыл етилди.
Нызам менен тастыйықланған Келисим 8 статья ҳәм 27 бәнттен ибарат. Бул Келисим 2024-жыл 6-ноябрьде Бишкек қаласында “Түркий дүньяны кеңейтиў: экономикалық интеграция, турақлы раўажланыў, санлы келешек ҳәм ҳәмме ушын қәўипсизлик” сүрени астында өткерилген ТМШ мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси шеңберинде ислеп шығылған. Келисимге Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия ҳәм Өзбекстан Республикаларының ўәкиллери тәрепинен қол қойылған.
Келисимниң тийкарғы мақсети – ТМШға ағза мәмлекетлердиң айрықша жағдайлар уйымлары арасында тәбийғый апатшылықлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў тараўында нәтийжели бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў ҳәм шөлкем ағзаларының бул бағдардағы дослық қатнасықларын беккемлеўден ибарат.
Усы Келисимниң орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы тәрепинен Айрықша жағдайлар министрлиги орайлық уйым есапланады.
Енди ТМШға ағза мәмлекетлер Пуқаралық қорғаў механизми бақлаўшы мәмлекетлер ҳәм басқа да мәмлекетлердиң аймақларында жүз бериўи мүмкин болған тәбийғый апатшылықлар ҳәм айрықша жағдайларда зәрүрликлерди қанаатландырыў ушын биргеликтеги жумысты нәтийжели шөлкемлестиреди.
Пуқаралық қорғаў механизминиң тийкарғы функциялары белгиленди. Оған бола, айрықша жағдайларды сапластырыў, адамлардың өмирин ҳәм мүлкин сақлап қалыў, медициналық жәрдем көрсетиў, баспана менен тәмийинлеў, айрықша байланысты тәмийинлеў, гуманитарлық жәрдем көрсетиў, тәбийғый апатшылықларды мониторинг ҳәм таллаў, тәбийғый апатшылықлар ҳәм айрықша жағдайлардың алдын алыўға таярлық көриў, тәбийғый апатшылықларды сапластырыў бойынша билим ҳәм көнликпелерди арттырыў және тәжирийбе алмасыў жолға қойылады.
Буннан тысқары, айрықша жағдайларда ислеп атырған барлық дәрежедеги хызметкерлердиң кәсиплик маманлығын арттырыў мақсетинде бирден-бир оқыў стандартлары ислеп шығылады. Теориялық ҳәм әмелий бағдарламалар тийкарында оқыўлар шөлкемлестириледи. Регионаллық апатшылық ҳәм айрықша жағдайларда биргеликте ҳәрекет етиў әмелиятын раўажландырыў ушын тренинглер, шынығыўлар ҳәм ҳәкимшилик-техникалық сапарлар шөлкемлестириледи.
Келисимниң ратификацияланғаны Президентимиз тәрепинен алға қойылған “Тәбийғый апатшылықлар мониторинги ҳәм таллаў орайын дүзиў ҳәм оны Ташкент қаласында жайластырыў” басламасын әмелге асырыў жолындағы биринши қәдем болды.
Енди Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Арнаўлы ўазыйпалар бойынша республикалық қутқарыў орайының БМШ Қутқарыў ҳәм излеў бойынша халықаралық мәсләҳәт топары (ИНСАРАГ) на ағзалыққа қабыл етилиўине таярлық жумыслары жеделлеседи.
Нызам ТМШға ағза мәмлекетлердиң айрықша жағдайлар уйымлары арасында халықаралық бирге ислесиў байланысларын жаңа басқышқа көтереди. Тәбийғый апатшылықлардың алдын алыў, прогнозлаў, мониторинг ҳәм таллаў, тәбийғый апатшылықлар ақыбетинде пайда болатуғын социаллық-экономикалық ҳәм басқа да машқалаларды сапластырыў, басқарыў ҳәм излеў-қутқарыў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша алдынғы тәжирийбе алмасыў, тәбийғый апатшылықлар ақыбетинде пайда болатуғын социаллық ҳәм экономикалық машқалаларды сапластырыўда ТМШға ағза мәмлекетлердиң өз-ара жақыннан жәрдемлесиў механизми енгизиледи.
Норгул Абдураимова, ӨзА