National Geographic журналында Хийўа қаласы – 2026-жыл ушын дүнья туризминдеги ең перспективалы бағдарлардан бири сыпатында таныстырылды

123

Басылымда Хийўа Өзбекстанның тек ғана әҳмийетли мәдений қаласы емес, ал Уллы Жипек жолында жайласқан бийтәкирар тарийхый ҳәм мәдений орай екенлиги атап өтилген. Сондай-ақ, National Geographic Хийўаны “ашық аспан астындағы музей” ҳәм “Жипек жолының дүрданасы” деп тән алған.

Мақалада, сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта Хийўада әмелге асырылып атырған инфраструктура жойбарлары ҳаққындағы мағлыўматлар оқыўшылар итибарына усынылған. “Атап айтқанда, 2026-жылдың гүзинде Ташкент-Самарқанд-Бухара-Хийўа жөнелиси бойынша жоқары тезликтеги поезд қатнаўы жолға қойылады. Үргенш халықаралық аэропорты болса заманагөй талаплар тийкарында реконструкцияланбақта,” – делинеди деректе.

Қарақалпақстан хабар агентлиги