Экологиялық бирге ислесиўди беккемлеў жолында

118

Өзбекстан Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов басшылығындағы делегация Түркияда болып өткен “Zero Waste” халықаралық форумында қатнасты.

Шығындысыз ислеп шығарыў, оларды қайта ислеў ҳәм турақлы раўажланыў принциплерин алға қойыў мақсетинде шөлкемлестирилген илаж БМШ рәсмийлери, ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң министр, эксперт, исбилермен, илимий ҳәм жәмийетлик топар ўәкиллерин бир жерге жәмледи.

Әнжуманда Өзбекстан делегациясы Zero Waste – глобал миннетлемелер” көргизбеси менен танысып, усы концепцияны раўажландырыўға бағышланған жалпы мәжилисте қатнасты.

Илаж шеңберинде министр Азиз Абдуҳакимов БМШ Раўажланыў бағдарламасының елатлы пунктлер бойынша атқарыўшы директоры Анаклаудия Россбах, АҚШтың Колумбия университетиниң профессоры Жеффри Сакс, Түркия қоршаған орталық, урбанизация ҳәм климат өзгериўи министри Мурат Курум ҳәм Түркия аўыл ҳәм тоғай хожалығы министри Иброҳим Юмакли менен ушырасты.

Сөйлесиўлерде қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, “жасыл” технологияларды енгизиў, жерден турақлы пайдаланыў ҳәм илимий изертлеўлер алмасыўын жолға қойыў мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз делегациясы форумда “жасыл” экономиканы раўажландырыў, альтернатив энергия дереклерине өтиў ҳәм шығындыларды қысқартыў бойынша миллий бағдарламаларды усынды. Климат бойынша миннетлемелерди әмелге асырыў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў принциплерин алға қойыўға қаратылған басламаларға айрықша итибар қаратылды.

 

Азиза АЛИМОВА таярлады, ӨзА