Өзбекстанда жасалма интеллект жәрдеминде жер силкиниўлерди алдыннан болжаў системасы енгизиледи

127

Президентимиздиң усы жыл 20-октябрьде “Сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм сейсмология тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилди.

Ҳүжжетке муўапық, мәмлекетте сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында алдынғы технологиялар, соның ишинде, жасалма интеллект имканиятларынан кеңнен пайдаланыў әмелияты жолға қойылады.

2026-жыл 1-январьдан баслап “А-373” ҳәм “М-39” автомобиль жоллары және оларға тутас таўлы аймақлардан өткен темир жолларда көшки қәўпи жоқары болған аймақлардың турақлы радиолокациялық космослық мониторинги шөлкемлестириледи.

Жасалма интеллект жәрдеминде сейсмикалық қәўпи жоқары аймақларда күшли жер силкиниўлерди орта ҳәм узақ мүддетли болжаў әмелияты енгизиледи.

Дәслепки басқышта бул тәжирийбе Ташкент қаласы мысалында әмелге асырылады.

Сондай-ақ, 2026-жыл 1-марттан баслап имарат ҳәм объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығы бойынша техникалық жағдайы да жасалма интеллект жәрдеминде талланады.

Бул илажлар мәмлекетте сейсмикалық қәўипсизлик системасын жаңа басқышқа көтериў, халық ҳәм инфраструктураларды итималлы тәбийғый апатшылықлардан нәтийжели қорғаўға хызмет етеди.

Ш.Маматуропова, ӨзА