“Бир миллион жасалма интеллект жетекшиси” жойбары басланды

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў бойынша болып өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.
– Жасалма интеллектти раўажландырыў тек ғана заманагөй инфраструктура ҳәм алгоритмлерге емес, ал маман кадрларға да байланыслы. Бул тараўдың тийкары – математика ҳәм информатика. Соның ушын, кадрлар таярлаўды, бәринен бурын, мектептен баслаў керек, – деди Президент.
Келеси оқыў жылынан “Информатика” пәни оқыў бағдарламаларына жасалма интеллектке байланыслы темалар киргизиледи. Буның ушын Массачусетс технологиялар институты менен биргеликте арнаўлы сабақлық ислеп шығылады.
“Жаңа Өзбекстан” университетинде жасалма интеллект бойынша быйыл 100, келеси жылы 1 мың 300 тренер-оқытыўшы таярланады. Олар болса каскад тәртибинде мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларындағы информатика муғаллимлерин оқытады. Ҳәр жылы ең жақсы 100 информатика муғаллими тап министрликлер ҳәм ҳәкимликлердиң потенциаллы қәнигелери сыяқлы жасалма интеллект раўажланған мәмлекетлерге тәжирийбе арттырыўға жибериледи.
“Бир миллион өзбек программистлери” жойбарының логикалық даўамы сыпатында “Бир миллион жасалма интеллект жетекшиси” жойбары да басланды. Быйыл 100 мың, келеси жылы кеминде 500 мың жаслар оқытылады.
Жойбар менен мектеп оқыўшыларын да қамтып алыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Буннан былай ҳәр жылы жасалма интеллект бойынша миллий таңлаў өткерилип, ең жоқары нәтийже көрсеткен жаслар, олардың устазлары ҳәм билимлендириў шөлкемлери мүнәсип хошаметленеди.
Онда 500 жас – ноутбук, 100 оқытыўшы – 1 мың доллардан сыйлық, 2 билимлендириў шөлкеми – электромобиль менен сыйлықланады.
ӨзА