Енди министрликлер ҳәм уйымлар мағлыўматларды өз серверлеринде сақлаўына жол қойылмайды

68

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў бойынша болып өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.

Соңғы жыллары барлық министрликлер ҳәм уйымларда жумыс процесслери ҳәм мағлыўматларды санластырыў бойынша бир қанша жумыс исленди.

Санлы ҳүкимет платформасы арқалы мәмлекетлик уйымлар арасында инсан факторысыз мағлыўматлар алмасыўы жолға қойылды.

Стартапларға өзиниң программалық өнимин Санлы ҳүкимет платформасына интеграциялап, ондағы мағлыўматлардан пайдаланыўға руқсат берилди.

Бирақ жасалма интеллектти жедел раўажландырыў ушын булардың өзи жетерли емес екенлиги көрсетип өтилди.

Министрликлер ҳәм уйымлардағы мағлыўматлар ҳәр қыйлы серверлерде тарқалып сақланып атырғаны, олардың форматлары ҳәр қыйлы болғаны ушын да жумыслар төменлеп атыр.

Сонлықтан, жыл ақырына шекем министрликлер ҳәм уйымлардағы 55, келеси жылы қалған барлық мағлыўматлар базаларын Электрон ҳүкимет бирден-бир дата-орайына өткериў тапсырылды. Буннан былай министрликлер ҳәм уйымлар мағлыўматларды өз серверлеринде сақлаўына жол қойылмайды.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.

ӨзА