Инсаният жаңа цивилизация басқышына – жасалма интеллект дәўирине қәдем қоймақта
96

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў бойынша видеоселектор мәжилиси басланды.
– Бүгин инсаният жаңа цивилизация басқышына – жасалма интеллект дәўирине исенимли қәдем қоймақта.
Бундай технологиялар экономикадан баслап, билимлендириў, медицина, аўыл хожалығы ҳәм басқарыў системасына шекем терең кирип бармақта.
Қайсы тараў болмасын, бул процессте терең изленип, анық нәтийже ислесе, бир қәдем алдында жүрсе, шек соныки болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Жылдың басында 2030-жылға барып, дүнья экономикасында жасалма интеллект көлеми 15 триллион долларға жетиўи прогноз етилген болса, ҳәзирги таллаўлар бул сан 20 триллион доллардан артатуғынын көрсетпекте.
ӨзА