Шаңарақлық зорлықтың алдын алыўға қаратылған биргеликтеги жойбар додаланды

Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети басламасы менен семинар шөлкемлестирилди.
Оған сенаторлар, халықаралық абырайлы шөлкемлердиң басшылары, министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери, экспертлер және Жаслар парламентиниң ағзалары қатнасты, деп жазбақта senat.uz.
«Семинар шеңберинде “БМШ-ҳаяллар” шөлкеми, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары басқармасының Орайлық Азия ушын регионаллық бөлими ҳәм Европада Қәўипсизлик ҳәм Бирге ислесиў Шөлкеминиң (ЕҚБШ) Өзбекстандағы жойбарлары координаторы тәрепинен ислеп шығылып атырған “Өзбекстанда шаңарақлық зорлыққа қарсы ҳуқықый илажлар менен гүресиў” биргеликтеги жойбары таныстырылды.
“БМШ-ҳаял-қызлар” структурасының Орайлық Азиядағы байланыслар бойынша офиси басшысы Жерен Гувен Гуреш ханым жойбардың мазмун-мәниси ҳәм концепциясы менен толық таныстырды.
Атап өтилгениндей, жойбар тараўда әмелге асырылып атырған соңғы ҳуқықый реформалар ҳәм гендер теңлигин тәмийинлеў және гендер тийкарындағы зорлықты сапластырыў бойынша даўам етип атырған ҳәрекетлерди буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.
Жойбар шаңарақлық зорлықтан жәбирленгенлерге әдиллик илажларын күшейтиў, сондай-ақ, әдиллик ҳәм ҳуқық қорғаў тараўларында институционаллық бирге ислесиў ҳәм есап бериўди хошаметлеўди де нәзерде тутады.
Семинар даўамында усыныс етилип атырған жойбарға улыўма көзқараслар ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелер, жойбар әмелге асырылатуғын аймақлар ҳәм шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылып, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллериниң пикирлери тыңланды.
Жойбарды билдирилген пикир-усыныслардан келип шығып, қайта көрип шығыў ҳәм және де жетилистириўге келисип алынды», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги