Сенатта Германия делегациясы менен ушырасыў өткерилди

109

Быйыл 20-октябрь күни Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы Анвар Тойчиев Бундестагтың аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм ўатан бойынша комитетиниң баслығы Герман Фэрбер басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерди.

Бул ҳаққында senat.uz хабар бермекте.

«Сөйлесиў ўақтында парламентлераралық бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, оны жаңа мазмун менен байытыў, дослық топарларының жумысын жеделлестириў ҳәм кең көлемдеги қоспа илажларды шөлкемлестириў және нызам дөретиўшилиги тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелери бойынша сөз болды.

Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиў стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени атап өтилди. Мәмлекетлер басшыларының сиясий ерк-ықрары мәмлекетлераралық қатнасықлардың және де раўажланыўы ҳәм беккемлениўинде айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Еки мәмлекеттиң барлық бағдарлардағы бирге ислесиўи, атап айтқанда, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларындағы экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды кеңейтиў және аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Өз гезегинде, Герман Фэрбер Өзбекстан аграр тараўда қысқа ўақыт ишинде ерискен нәтийжелерди жоқары баҳалап, Германия компаниялары қыйтақ жер хожалықларын механизациялаў, туқымгершилик ҳәм ветеринария системасын жетилистириў, сондай-ақ, аўыл халқының бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бирге ислесиўге таяр екенин билдирди», делинеди хабарда.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги